Еремия 18 bob

Еремия гүлалшының үйинде (1-17), Еремияны өлтириў жобасы (18-23).

 

1 Жаратқан Ийеден Еремияға мынадай сөз түсти:
2 – Тур, гүлалшының үйине бар, сол жерде Өз сөзимди аян қыламан.
3 Мен гүлалшының үйине барғанымда, оның гүлал әсбабын айландырып жумыс ислеп отырғанын көрдим.
4 Ылайдан ислеп атырған ыдысы гүлалшының қолында бузылып кеткенде, ол сол ылайдан өзиниң көзине жаққандай басқа бир ыдысты шығарды.
5 Сол ўақытта Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
6 – Ҳәй, Израил халқы, мына гүлалшының өз ыдысына ислегениндей нәрсени, Мен де сизлерге ислей алмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Ылай гүлалшының қолында қандай болса, Израил халқы, сизлер де Мениң қолымда сондайсыз.
7 Қәлеген ўақытта Мен қандай да бир миллет ямаса патшалықты түп-тамыры менен суўырып таслаў, қулатыў ҳәм жоқ қылыў туўралы шешим қабыл ете аламан.
8 Бирақ Мен айтқан сол халық жаўызлықлары ушын тәўбе қылса, оның басына жаўдыратуғын апатшылығымнан ўаз кешемен.
9 Айтайық, Мен бир миллетти ямаса патшалықты қурып, беккемлеў туўралы жар салсам,
10 бирақ сол миллет Мениң нәзеримде жаўыз ислерди қылып, сөзиме қулақ салмаса, онда Мен оған ислемекши болған жақсылығымнан ўаз кешемен.
11 Сонлықтан енди Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына айт, Жаратқан Ийе былай дейди: – Мен сизлерге бир апатты таярлап, бир жоба ойлап атырман. Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди дүзетиң.
12 Бирақ олар: «Бизлер ушын әўере болмаң! Өз нийетимизди иске асыра беремиз, ҳәр биримиз жаўыз жүрегимиздиң қайсарлығы менен ис тута беремиз», – дейди.
13 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: – Миллетлерден сораң, Буған уқсаған нәрселерди ким еситипти? Пәк қыз Израил, Қорқынышлы ис қылды.
14 Лебанон жартаслы жанбаўырларындағы, Қарлар ҳеш ерип, жоқ болар ма? Алыс таўлардан ағып келген муздай суўлар, Ада болар ма екен?
15 Бирақ Мениң халқым Мени умытты. Олар пайдасыз бутларға түтетки түтетти. Булар оларды өз жолында сүрниктирди, Ески жоллардан адастырды. Олар туўры жолдан шығып, Терис жолдан жүрип кетти.
16 Олардың жери қыйратылып, Мәңгиге масқара болады. Жанынан өткенлердиң жаны түршигип, Басларын шайқайтуғын болады.
17 Шығыс самалы киби, Оларды душпанларының алдына шашаман. Олар апатшылыққа ушырағанда, Жүзимди бурып, арқамды көрсетемен.
18 Сонда халық: «Келиң, Еремияға қарсы тил бириктирейик. Руўханийлер үйрететуғын Нызам да, данышпанлардың мәсләҳәти де, пайғамбарлардың сөзлери де бизлерге жетерли. Еремияға қарсы сөйлеп, оның ҳеш бир сөзине қулақ аспайық», – деди.
19 Жаратқан Ийе, мени тыңла, Душпанларымның сөзлерин есит!
20 Неликтен жақсылыққа жаманлық қайтармақшы? Олар маған гөр қазды. Оларға деген ғәзебиңди басыў ушын, Олардың ийгилигин гөзлеп, Алдыңда қалай жалбарынып турғанымды есиңе ал.
21 Буның ушын, балаларын ашлыққа ушыратып, Оларды қылыш жүзине тапсыр. Ҳаяллары перзентлеринен айырылып, Жесир болып қалсын. Еркеклери әжел тапсын, Жаслары урыста қылыштан қаза тапсын.
22 Тосаттан үстине қарақшыларды жибергениңде, Үйлеринен дад-пәрияд еситилсин. Себеби мени түсириў ушын гөр қазды, Аяғымның астына тор таслады.
23 Жаратқан Ийе, Сен олардың мени өлтириў ушын, Дүзген барлық жобаларын билесең. Олардың айыпларын кеширме, Гүналарына көз жумба. Олар Сениң алдыңда қуласын, Ғәзепленгениңде оларға қарсы ис тут.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16