Еремия 16 bob

Яҳуданың қулаўы (1-13), Сүргиннен қайтыў (14-21).

1 Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 – Үйленбе, бул елде ул-қызларың болмасын.
3 Бул жерде туўылған ул-қызлар, оларды туўған аналар ҳәм оларды дөреткен әкелер туўралы Жаратқан Ийе былай дейди:
4 Олар аўыр кеселликлерден өледи. Олар ушын жоқлаў айтылмайды, олар жерленбейди. Олар топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады. Қылыштан қаза табады, ашлықтан өледи. Денелери көктеги қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
5 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Намаз болып атырған үйге кирме, жоқлаў айтыў ямаса кеўил билдириў ушын барма. Мен бул халықтан тынышлығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм реҳимимди алып қойдым, – дейди Жаратқан Ийе.
6 – Бул жерде үлкенинен кишкенесине дейин ҳәммеси өледи. Оларды ҳеш ким жерлемейди, олар ушын жоқлаў айтып, өз денелерин тилип, шашларын алдырмайды.
7 Өлиге жоқлаў айтып жылағанларды жубатып, шөрек сындырып беретуғын да, ата-анасын еске алғанда тәселле кесесин усынатуғын да ҳеш ким болмайды.
8 Той болып атырған үйге де кирме, олар менен отырып, ишип-жеме.
9 Себеби Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сизлердиң күнлериңизде, сизлердиң көз алдыңызда бул жердеги қуўаныш ҳәм шадлық даўысын, келин ҳәм күйеўдиң даўысын тыяман.
10 Бул сөзлердиң ҳәммесин халыққа жеткергениңде, олар саған: «Не ушын Жаратқан Ийе бизлерге бул аўыр азаптың барлығын жаўдырмақшы екенин билдирди? Жазығымыз не? Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы қандай гүна иследик?» – дейди.
11 Сонда сен оларға былай деп жуўап бер: «Ата-бабаларыңыз Мени тәрк етти, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар басқа қудайларға ерди, оларға хызмет етип, табынды. Мени таслап кетти, Нызамыма әмел қылмады.
12 Сизлер болсаңыз, ата-бабаларыңыздан да бетер жаманлық қылдыңыз. Маған қулақ салмай, ҳәр бириңиз қырсықлық пенен жүрегиңиздиң жаманлықларын ислеп атырсыз.
13 Соның ушын Мен сизлерди бул жерден шығарып, өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да билмейтуғын жерге ылақтырып таслайман. Ол жерде күни-түни басқа қудайларға хызмет етесиз. Мен сизлерге реҳим қылмайман».
14 «Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – адамлар артық „Израил халқын Мысырдан алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, демейтуғын болады.
15 Буның орнына, „Израил халқын арқадан, Өзи қуўып жиберген барлық жерлерден алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, дейтуғын болады. Себеби Мен оларды ата-бабаларына берген жерге қайтарып алып келемен.
16 Мине, Мен көп балықшыларды жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе, – балықшылар оларды тутады. Буннан кейин, Мен көп аңшыларды жиберемен. Аңшылар барлық таў, барлық төбешик ҳәм барлық жартаслардың жарықларынан оларды аўлайды.
17 Oлардың барлық жоллары Мениң көз алдымда, олар Меннен жасырына алмайды, қылмыслары да нәзеримнен қаша алмайды.
18 Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».
19 Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».
20 Адам өзине қудайларды соға ала ма? Ақыры, булар Қудай емес-ғо!»
21 – Солай екен, бул рет Мен оларға сабақ берейин, Күшимди ҳәм қүдиретимди көрсетип қояйын. Сонда олар Мениң атымның Жаратқан Ийе екенин билип алады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16