Ҳикметлер 31 bob

Лемуелдиң айтқанлары (1-9), Уқыплы ҳаял (10-31).

1 Патша Лемуелдиң ҳикметли сөзлери, Анасының оған үйреткенлери:
2 «Балам, қурсағымнан шыққан балам! Балам, ўәде берип, тилеп алғаным!
3 Күшиңди ҳаялларға жумсама, Патшаларды набыт қылатуғынларға жаслығыңды сарп қылма.
4 Лемуел, патшаларға шарап ишиў жараспас, Ҳүкимдарларға өткир ишимликти аңсаў жараспас.
5 Ишкенде, олар нызамды умытар, Езилгенлерден ҳуқықын тартып алар.
6 Өткир ишимликти өлип баратырғанға, Шарапты руўхы қыйналғанға бер.
7 Ол ишип, жарлылығын умытсын, Қайғы-ҳәсиретин артық еске алмасын.
8 Аўзыңды өз ҳуқықын қорғай алмайтуғынлар ушын, Езилгенлерди қорғаў ушын аш.
9 Аўзыңды әдил ҳүким шығарыў ушын, Жарлы ҳәм мүтәждиң исин қорғаў ушын аш».
10 Жақсы ҳаялды ким таба алар? Ол қымбатбаҳа таслардан да қымбат.
11 Күйеўи оған шын жүректен исенер, Ҳеш нәрседен мүтәжлик көрмес.
12 Ол күйеўине жаманлық емес, Бир өмир жақсылық қылар.
13 Ол жүн ҳәм зығыр табар, Ҳәўес етип, өз қоллары менен ислер.
14 Ол саўдагердиң кемесине уқсар, Нанын узақтан алып келер.
15 Ол таң атпай турып, Хожалығы ушын аўқат таярлар, Шорыларына да тапсырма берер.
16 Атызды көзден кеширип, сатып алар, Еңбегиниң түсиминен жүзим отырғызар.
17 Белин беккем буўып, Қолларына күшин жыйнар.
18 Ол исиниң пайдалы екенин билер, Шырасы түнде де өшпес.
19 Қолларын шарыққа қояр, Бармақлары менен уршық ийирер.
20 Жарлыларға қолын созар, Мүтәжлерге қол берер.
21 Үй-ишин ойлап, қардан қорқпас, Үйиндегилер қырмызы кийим кийген.
22 Үй-ишин ойлап, қардан қорқпас, Үйиндегилер қырмызы кийим кийген.
23 Күйеўиниң атағы кең жайылып, Ел ақсақаллары менен кеңес қурар.
24 Ҳаял зығырдан кийим тигип сатар, Саўдагерлерди қайыс пенен тәмийинлер.
25 Күш ҳәм абырай оның кийими, Шад болып бағады ертеңги күнге.
26 Ол даналық пенен сөйлер, Меҳир менен нәсият қылар.
27 Хожалық ислерин бақлап барар, Мийнетсиз нан жемес.
28 Балалары турып, рахмет айтар, Күйеўи де былай деп оны мақтар:
29 «Жақсы ҳаяллар көп, Бирақ сен ҳәммесинен артықсаң».
30 Сүйкимлилик алдамшы, сулыўлық өткинши, Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғын ҳаял мақтаўға ылайық.
31 Оған мийнетине жараса сый бериңлер, Ислери дәрўаза алдындағы кеңесте тәрийипленсин!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16