Ҳикметлер 6 bob

Ақмақлық қылыўдан сақ бол! (1-19), Неке ҳадаллығын бузыўға қарсы және бир ескертиў (20-35).

1 Балам, егер биреў ушын кепил болып, Оның қарызын мойныңа алсаң,
2 Онда сен сөзиңнен тутылып, Өз сөзиңниң қармағына илингениң.
3 Яғный, сол адамның қолына түскениң. Балам, оннан қутылыў ушын былай қыл: Бар да, аяғына жығыл, жалын.
4 Көзиңе уйқы берме, Кирпик илме.
5 Аңшыдан қашқан жейран киби, Қус аўлаўшыдан қашқан қус киби, өзиңди қутқар.
6 Ҳәй ериншек, қумырысқаның жанына бар, Оның ислерине қарап, даналық үйрен.
7 Оның баслығы да, қадағалаўшысы да, Ҳүкимдары да жоқ.
8 Бирақ ол жазда өз азығын таярлайды, Жыйын-терим ўақтында аўқатын жыйнайды.
9 Ҳәй ериншек! Қашанға дейин жатпақшысаң? Қашан уйқыңнан оянасаң?
10 Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң, Гейде қол қаўсырып, жатып та алсаң,
11 Тонаўшыдай болып жоқшылық жетип келер, Қарақшыдай болып мүтәжлик бас салар.
12 Оңбаған ҳәм залым адам жалған сөйлеп жүрер,
13 Көзлерин қыпылықлатар, Аяқлары менен белги берип, Бармақлары менен ишарат қылар,
14 Жүрегиндеги ҳийле менен жаўыз нийет қылып, Бәрқулла жәнжел туўдырар.
15 Сонлықтан апат оған тосаттан келер, Күтилмегенде, шарасыз шыл-пәрше болар.
16 Жаратқан Ийе жек көретуғын алты нәрсе, Ҳәтте, Ол жеркенетуғын жети нәрсе бар:
17 Менмен көз, жалған сөйлеўши тил, Айыпсыз қан төгетуғын қоллар,
18 Жаўыз нийетли жүрек, Жаўызлыққа асығатуғын аяқлар,
19 Өтирик сөйлейтуғын жалған гүўа, Туўысқанлар арасына от салыўшы адам.
20 Балам, әкеңниң буйрығын есте сақла, Анаң берген тәрбиядан бас тартпа!
21 Оларды бәрқулла жүрегиңе түйип, Мойныңа байлап жүр.
22 Жүргениңде, олар сени жетелер, Уйықлағаныңда, олар сени қорғап турар, Оянғаныңда, олар саған кеңес берер.
23 Бул буйрықлар – шыра, нәсиятлар – нур. Дүзетиўши тәрбия – өмирге жол.
24 Олар сени жүўенсиз ҳаялдан, Бузық ҳаялдың майлы тилинен қорғайды.
25 Оның сулыўлығын жүрегиң қумартпасын, Көзин сүзип сени айландырып алмасын.
26 Жезөкше себепли нанға зар боласаң, Ал күйеўи бар ҳаял себепли өмириңнен айырыласаң.
27 Адам қойынға от салар да, Кийимин өртемес пе?
28 Шоқ үстинде жүрер де, Аяғын күйдирмес пе?
29 Басқаның ҳаялы менен жатқанға да солай болады, Оған жақынлаған жазасыз қалмайды.
30 Ашлық себепли тек қарнын тойдырыў ушын урлық қылғанды, Адамлар оны жек көрмейди.
31 Бирақ ол қолға түсип қалса, урлаған нәрсесин жети есе қылып төлейди, Ҳәтте, үйиндеги барлық мал-мүлкин бериўи мүмкин.
32 Бузықшылық қылған – есиўас, Солай ислеген өз жанын набыт қылар.
33 Ол таяқ жеп, масқара болар, Шерменделиктен мәңгиге тазалана алмас.
34 Қызғаныштан күйеўин ашыў кернер, Өш алғанда аяўды билмес.
35 Ҳеш қандай төлемди қабыл етпес, Не берсең де, алыўды қәлемес.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.