Ҳикметлер 3 bob
1 Балам, үйреткенлеримди умытпа, Буйрықларымды жүрегиңде сақла!
2 Олар өмир жасыңды узайтып, Мол тынышлық сыйлайды.
3 Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ҳасла сени тәрк етпесин, Оларды мойныңа тағып, Жүрегиңе ойып жазып қой.
4 Сонда Қудайдың ҳәм адамлардың нәзеринде, Мийрим ҳәм абырайға ийе боласаң.
5 Шын жүректен Жаратқан Ийеге үмит байла, Өз ақыл-парасатыңа сүйенип жүрме.
6 Ислеген ҳәр бир исиңде Жаратқан Ийени танып бил, Ол сениң жолларыңды туўрылап турар.
7 Өзиңди данышпанман деп санама, Жаратқан Ийеден қорқ, жаманлықтан аўлақ жүр.
8 Бул денеңе саламатлық, Сүйеклериңе азық болады.
9 Мал-мүлкиңнен ҳәм ҳәмме зүрәәтиңниң дәслепки өниминен берип, Жаратқан Ийеге ҳүрмет көрсет.
10 Сонда телеклериң дәнге толып-тасар, Искенжелериң таза шарапқа толар.
11 Балам, Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама, Ол әшкаралағанда аўыр алма.
12 Әке жақсы көрген улын жазалағаны сыяқлы, Жаратқан Ийе де кимди сүйсе, соны әшкаралайды.
13 Даналықты тапқан, Түсиникке ийе болған адам қандай бахытлы!
14 Өйткени даналық гүмистен қунлырақ, Оның пайдасы алтыннан да жоқары.
15 Даналық ҳасыл тастан да қымбат, Қумартқан ҳеш бир нәрсең оған тең келмес.
16 Узақ өмир оның оң қолында, Байлық ҳәм даңқ сол қолында.
17 Даналықтың жоллары жағымлы жоллар, Оның барлық соқпақлары тынышлыққа апарар.
18 Оны ийелеген адам ушын даналық өмир тереги, Оны беккем услаған қандай бахытлы!
19 Жаратқан Ийе даналық пенен жердиң тийкарын салды, Түсиник пенен көклерди беккем орнатты.
20 Оның билими менен туңғыйықтың көзлери ашылды, Бултлар шық түсирди.
21 Балам! Саў пикир ҳәм дурыс түсиникти сақла, Оларды нәзериңнен қашырма.
22 Олар жаныңа өмир, Мойныңа әжайып моншақ болады.
23 Сонда өмир жолыңда қәўипсиз жүрерсең, Аяқларың да сүрникпес.
24 Жатқаныңда қорқпассаң, Уйықлағаныңда уйқың тыныш болар.
25 Тосаттан болатуғын апаттан, Наҳақлардың басына түсетуғын бәледен қорқпассаң.
26 Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып, Аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды.
27 Қолыңнан келетуғын ўақытта, Мүтәжлерден жәрдемиңди аяма.
28 Қолыңда бар бола тура жақыныңа: «Ертең кел, сонда беремен», – деме.
29 Бийғам жаныңда жасап атырған қоңсыңа, Жаманлық ойлама.
30 Өзиңе жаманлық қылмаған адам менен, Себепсиз жәнжеллеспе.
31 Зорлық ислеўшиге ҳәўес қылма, Оның жолларының бирде биреўин таңлама.
32 Жаратқан Ийе азғырыўшылардан жеркенеди, Ҳақ адамға жақын болады.
33 Жаратқан Ийе залымның үйин нәлетлейди, Әдиллердиң мәканын жарылқайды.
34 Ол сурбетлердиң өзлерин мазақ қылады, Кишипейиллерге мийрим көрсетеди.
35 Даналар даңқ-атақты, Ақылсызлар шерменделикти мийрас етип алады.