1 Ҳеш ким қуўмаса да, қылмыскер қаша берер, Әдиллер арысландай батыр болар.
2 Елде нызамсызлық көбейсе, басшылар көбейер, Түсимпаз ҳәм билимли басшы болса, елде тәртип сақланар.
3 Ҳәлсизлерди езетуғын жарлы, Егинди жайпайтуғын нөсер жаўынға уқсар.
4 Нызамды бузғанлар залымларды мақтар, Нызамға әмел қылғанлар оларға қарсы турар
5 Жаўыз адамлар әдалатты уқпас, Жаратқан Ийени излегенлер ҳәммесин түсинер.
6 Натуўры жолдан жүрген байдан, Минсиз жүрген жарлы жақсы.
7 Нызамды устанған – ақыллы бала, Жарамасқа дос болған әкесин уятқа қояр.
8 Үстеме пайдасы менен байлық жыйнаған, Оны жарлыларға сақаўат көрсеткен адам ушын жыйнайды.
9 Нызамды еситпеў ушын қулағын жаўған адамның, Еткен дуўасы да жеркенишли.
10 Ҳақ адамды жолдан азғырған, Өзи қазған шуқырға өзи түсер, Минсизлер жақсылықты мийрас қылар.
11 Бай адам өзин дана санар, Ақыллы жарлы оны әшкара қылар.
12 Әдиллер үстин шықса, қуўаныш ҳүким сүрер, Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар.
13 Қылмысын жасырған табысқа ериспес, Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
14 Бәрқулла Қудайдан қорққан адам қандай бахытлы! Жүрегин қатал қылған апатқа ушырар.
15 Жарлы халыққа бийлик еткен залым басшы, Ақырған арысланға яки аш айыўға уқсар.
16 Ақылсыз ҳүкимдар халқын езер, Ҳарам пайданы жек көргенниң өмири узақ болар.
17 Қан төгип адам өлтирген, Гөрге киргенше, қашып жүрер, Оған ҳеш ким жәрдем бермесин!
18 Минсиз жүрген қәўипсизликте болар, Надурыс жолдан жүрген тосаттан қулар.
19 Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ болар, Бос арзыў-қыялға берилген жоқшылыққа тояр.
20 Садық адам жарылқаўға бай болар, Байыўға асыққан жазасыз қалмас.
21 Адамларды алалаў жақсы емес, Гейбир адам бир тислем нан ушын наҳақлық қылар.
22 Иши тар адам байыўға асығар, Жоқшылыққа ушырайтуғынын ойламайды да.
23 Адамды әдил әшкаралаған, Ақырында, жағымпазға қарағанда үлкен ҳүрметке ерисер.
24 «Гүна емес», – деп ата-анасынан урлайтуғын – Геллекесерлердиң шериги.
25 Ашкөз жәнжел шығарар, Жаратқан Ийеге үмит артқан тоқ жасар.
26 Өзине исенген – ақылсыз, Даналық пенен жүрген қәўипсизликте болар.
27 Жарлыға берген кем болмас, Оннан көз жумған көп ғарғысқа қалар.
28 Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар, Олар қуласа, әдиллер көбейер.