Ҳикметлер 21 bob

1 Патшаның жүреги Жаратқан Ийениң қолындағы суў ағысына уқсар, Ол патшаны қәлеген жағына бағытлар.
2 Өз жолының ҳәммеси адамға туўры болып көринер, Бирақ Жаратқан Ийе жүректи тексерер.
3 Әдиллик ҳәм әдалатлықты сақлаў, Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бергеннен унамлырақ.
4 Тәкаббир нәзер ҳәм менмен жүрек, Залымлардың шырағы ҳәм гүнасы.
5 Мийнеткеш адамның ой-нийети молшылық алып келер, Асығыслардың бәри жоқшылыққа ушырар.
6 Жалған тил менен жыйналған байлық, Жоқ болып кететуғын пуў ҳәм өлим дузағы.
7 Залымлардың зулымлығы өзин жоқ қылар, Олар әдалатлы ис тутыўдан бас тартар.
8 Айыплының жолы қыйсық, Айыпсыздың ис-ҳәрекети туўры.
9 Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан, Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.
10 Залымның кеўли жаўызлыққа қумар, Жақыны да оннан реҳим таппас.
11 Сурбетке жаза берилсе, садаға ақыл кирер, Дана тәлим алса, билими артар.
12 Әдил Қудай залымның үйин бақлар, Залымларды набыт қылар.
13 Жарлының пәриядына қулақ салмаған, Өзи пәрияд қылғанда жуўап ала алмас.
14 Жасырын берилген саўға ғәзепти, Қойынға тығып берилген пара күшли қәҳәрди басар.
15 Әдалат жүзеге асса, әдиллер қуўанар, Ал жаўызлық қылыўшыларды қорқыныш бийлер.
16 Ақыллылық жолынан узақласқан, Өлилер жыйынына орналасар.
17 Заўқы-сапаны сүйген жарлыланар, Шарапты ҳәм зәйтүн майын сүйген байымас.
18 Залым әдилдиң,Бийопа ҳақтың төлеми болар.
19 Урысқақ ҳәм кекшил ҳаял менен жасағаннан, Шөлде жасаған жақсырақ.
20 Дананың үйи қымбатбаҳа ғәзийне ҳәм зәйтүн майына толар, Ақылсыз барын шашар.
21 Әдиллик ҳәм мийрим излеген адам, Өмир, әдалат ҳәм ҳүрметке ийе болар.
22 Дана адам күшлилердиң қаласына кирер, Олар исенген қорғанды тас-талқан қылар.
23 Аўзына ҳәм тилине бек болған, Жанын апаттан сақлар.
24 Өркөкирек ҳәм тәкаббирди сурбет деп атар, Ол аса менменлик пенен ҳәрекет етер.
25 Ериншекти қумарлығы өлтирер, Қоллары жумыстан бас тартар.
26 Ол күн бойы ашкөзлик пенен алыўды гөзлер, Бирақ әдил аямай берер.
27 Залымның қурбанлығы – жеркенишли, Әсиресе, жаўыз ой менен берсе, оннан да жаман.
28 Жалған гүўа набыт болар, Ҳәммесин еситкенниң гүўалығы өтер.
29 Залым жүзин исенимли қылып көрсетер, Ҳақ адам өз жолында беккем турар.
30 Жаратқан Ийеге қарсы туратуғын, Даналық та, түсиник те, кеңес те жоқ.
31 Ат саўаш күни ушын тайынланар, Бирақ жеңис Жаратқан Ийеден берилер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16