Забур 73 bob

1 Қудай, не ушын бизлерден мәңги бас тарттың? Не ушын Өзиң бағып атырған қойларға ғәзебиңди шашасаң?
2 Есле өтмиштеги ийелик қылған жәмийетиңди, Өз халқың қылыў ушын азат еткен қәўимиңди, Өзиң мәкан қурған усы Сион таўын.
3 Адымларыңды тикленбей турған қарабақанаға қарай бур, Душпан Мухаддес орындағы барлық нәрсени қыйратты.
4 Ибадатханаңда душпанларың қышқырысты, Ол жерге өз байрақларын тикти.
5 Олар тоғайда терек шабыў ушын, Балтасын көтерген адамға уқсайды.
6 Кейин олар ай балта ҳәм балғалары менен, Қыйратып таслады барлық ойма ислерди.
7 Мухаддес мәканыңды өртеди, Атың орналасқан мәканыңды пүткиллей ҳарамлады.
8 Олар өз кеўлинде: «Оларды пүткиллей қуртамыз», – деп, Елдеги сыйыныў орынларын өртеп жиберди.
9 Кәраматлы белгилериңди көрмеймиз, Енди пайғамбарлар да қалмады, Бул қашанға дейин даўам ететуғынын билетуғын, Ҳеш ким қалмады бизлердиң арамызда.
10 Қудай, қашанға дейин душпан хор қылады? Жаў Сениң атыңа мәңгиге тил тийгизе ала ма?
11 Не ушын қолыңды, оң қолыңды артқа тартасаң? Қойныңнан қолыңды шығарып, оларды қырып тасла!
12 Қудай, әзелден мениң патшамсаң, Жер жүзине жеңис алып келесең.
13 Күшиң менен теңизди екиге бөлдиң, Теңиз айдарҳаларының басларын суў ишинде ездиң.
14 Лиўятанның басларын ездиң, Шөлде жасайтуғынларға оны азық қылып бердиң.
15 Суўдың көзлерин ҳәм булақларды ашып ағызған Сенсең, Ағып турған дәрьяларды қурғатып таслаған Сенсең.
16 Күндиз Сеники, түн де Сеники, Ай ҳәм қуяшты Сен орнаттың.
17 Сен жер жүзиниң барлық шегараларын орнаттың, Жазды да, қысты да Өзиң жараттың.
18 Есиңде тут, Жаратқан Ийе, душпан масқаралап атыр, Ақмақ халықлар атыңа тил тийгизип атыр.
19 Қумырыңның жанын жыртқышларға тапсырма, Бийшара бенделериңди мәңгиге умытпа.
20 Дүзген келисимиңе нәзер сал, Елдиң қараңғы жерлери зорлыққа толған.
21 Езилген адам шерменде болып қайтпасын, Бийшара ҳәм жарлылар атыңа алғыс-мақтаў айтсын.
22 Тур, Қудай, Өз исиңди қорға, Ақмақлардың күни бойы Сени масқара қылыўын есле.
23 Душпанларыңның қышқырығын, Саған қарсы шыққанлардың тынбай көтерилген шаўқымын умытпа.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16