1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы әсбаптың шертилиўинде. Қорах әўладының жыры
2 Қандай әжайып Сениң мәканың, Әлемниң Жаратқан Ийеси!
3 Жаным Сениң ҳәўлилериңди аңсап, шаршады, Жүрегим ҳәм пүткил барлығым, Тири Қудайға шадланып бақырады.
4 Әлемниң Жаратқан Ийеси, Патшам, Қудайым! Қурбанлық орныңның қасында, Қус та жасаў ушын өзине орын табар, Палапанлары ушын қарлығаш уя қурар.
5 Қандай бахытлы Сениң үйиңде жасайтуғынлар, Олар тынбастан Саған алғыс-мақтаў айтар!
6 Қандай бахытлы Сеннен күш тапқан адам, Шын жүректен Сионға барыўға умтылғанлар.
7 Жылаў ойпатлығынан өтип, Олар суў өзеклерин ашар, Биринши жаўын ол жерди берекетке толтырар.
8 Жол жүрип, олардың күшине күш қосылар, Сионда Қудайдың алдында болар.
9 Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы, дуўамды тыңла, Қулақ сал, Яқыптың Қудайы!
10 Қудай, бизлердиң қалқанымызға қара, Өзиң майлаған патшаңа нәзер сал!
11 Сениң ҳәўлилериңдеги бир күн мың күннен артық. Наҳақлардың шатырында жасаўдан гөре, Қудайдың үйиниң босағасында турғаным абзал.
12 Қудай Ийе – қуяш ҳәм қалқандур, Ол мийрим ҳәм даңқ берер, Минсиз жүргенлерден жақсылықты аямас.
13 Әлемниң Жаратқан Ийеси, Қандай бахытлы Саған үмит байлаған адам!



































