Забур 62 bob

1 Даўыттың Яҳуда шөлинде айтқан жыры
2 Қудай, Сен мениң Қудайымсаң, Сени барлығым менен излеймен, Жаным Сени аңсайды, Кеўип, қуўрап ҳәм суўсыз қалған жерде, Денем Саған интизар.
3 Мухаддес Ибадатханаңда нәзер тасладым Саған, Күш-қүдиретиңди ҳәм даңқыңды көрдим.
4 Сениң сүйиспеншилигиң өмирден абзалдур, Соның ушын, тилим Сени алғыслар.
5 Өмирим бойы Саған алғыс айтаман, Сениң атың менен қолларымды жоқары созаман+
6 Майлы жилик жегендей жаным тояды, Шадлы даўыс пенен аўзым Саған алғыс-мақтаў айтады.
7 Төсегимде жатқанымда, Сени еслеймен, Түни бойы Сени ойлап шығаман.
8 Сен маған жәрдемши болдың, Қанатларыңның саясында шадланып бақыраман.
9 Кеўлим Саған беккем байланған, Оң қолың мени қоллап қуўатлайды.
10 Ал жанымды алыўды қәлеп атырғанлар, Жердиң түбине түсип, жоқ болады.
11 Олар қылыштың соққысына дуўшар болып, Сағалларға жем болады.
12 Патша болса, Қудайдан шадлық табады, Қудайдың аты менен ант еткенлер қуўанышын жәриялайды, Өтирикшилердиң аўзы жабылады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16