1 Атқарыўшылардың жетекшиси Едутун ушын. Даўыттың жыры
2 Жаным тек ғана Қудайда тынышлық табар, Қутқарылыў маған Оннан келер.
3 Жалғыз Ол мениң қорғаўшы жартасым, Қутқарылыўым ҳәм қорғаным, Мен ҳасла сүрникпеймен.
4 Ҳәй, душпанлар, қыйсық дийўалға уқсаған, Қулайын деп турған қорадай болған маған, Қашанға дейин ҳүжим қыласыз?
5 Сизлердиң жобаңыз жоқарғы дәрежемнен төмен түсириў, Жалған сөзлерден ләззет аласыз, Аўзыңыз бенен пәтия берип, Ишиңизден нәлет айтасыз.
6 Ҳәй жаным, жалғыз Қудайдан тынышлық тап, Мениң үмитим Оның Өзи.
7 Жалғыз Қудай мениң қорғаўшы жартасым, қутқарыўшым, Қорғаным Олдур, соның ушын, сүрникпеспен.
8 Қутқарылыўым ҳәм абырайым Қудайдан келер, Қүдиретли жартасым, панам Олдур.
9 Ҳәй халық, ҳәмме ўақытта Оннан үмит қылың, Жүрегиңизди Оған ашың, Бизлердиң панамыз Қудайдур.
10 Адамзат ҳеш нәрсе емес, Аўа, адам баласы өткинши. Егер тәрезиге тартылса, Олар ҳаўадан да жеңил.
11 Тонаўшылыққа исенип қалма, Урланған малға үмит байлама, Егер байлығың көбейип қалса, оған кеўил қойма.
12 Қудай бир мәрте сөйледи, Буны еки мәрте еситтим: Күш-қүдирет Қудайда.
13 Сүйиспеншилик те Сенде, Ийе! Ҳәр бир адамға қылған исине жараса қайтарасаң.