1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен төменги даўыста айтылатуғын Даўыттың жыры
2 Жаратқан Ийе, қәҳәрленип, айыбымды әшкаралама, Ғәзебиң менен мени жазалама.
3 Реҳим ет маған, Жаратқан Ийе, дәрманым қалмады, Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, пүткил денем қалтырайды.
4 Жаным азап ишинде қалды, Жаратқан Ийе, қашанға дейин бул даўам етеди?
5 Жаратқан Ийе, маған қайырылып, қутқар жанымды, Азат қыл сүйиспеншилигиң ҳақы.
6 Өйткени өлилер арасында ҳеш ким сыйынбас Саған, Өлилер мәканында ким алғыс айтар Саған?
7 Аҳ урып, гүрсинип, шаршадым, Түни бойы көз жасым көл-дәрья болады, Зар еңиреп, төсегим ләм болады.
8 Көзлеримниң нуры сөнди қайғыдан, Әззиленди көзлерим душпанларым себепли.
9 Жаўызлық ислеўшилер, меннен аўлақ жүриңлер, Өйткени Жаратқан Ийе еситти дадымды,
10 Жалбарыныўыма қулақ салды. Ол дуўамды қабыл қылады,
11 Барлық душпанларым уялып қалады, Ҳәммесин қорқыныш бийлеп алады, Ҳәпзаматта шерменде болып, қайтып кетеди.