1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Даўыттың Шаулдан қашып, үңгирге киргенде айтқан жыры
2 Реҳим ет маған, Қудай, реҳим ет маған, Жаным Сени паналайды. Апат өтип кеткенше, Паналайман қанатларыңның саясында.
3 Жалбарынаман Қудай Таалаға, Мен ушын ийгилик қылатуғын Қудайға.
4 Көктен маған қутқарылыў жибереди, Мени қуўдалағанларға кейис сөз айтады, Қудай Өз сүйиспеншилигин ҳәм садықлығын жибереди.
5 Жаным арысланлар арасында қалды, Адам денесин жейтуғынлардың арасында жатырман, Тислери найза ҳәм садақ оғы, Тиллери өткир қылыш.
6 Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай, Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын
7 Душпанларым аяқларым астына аў таслады, Руўхым түсип кетти. Жолыма шуқыр қазды, Ишине олардың өзлери түсти.
8 Мениң жүрегим Саған садық, Қудай, жүрегим садық, Сени жырлап, саз шертемен.
9 Оян, ҳәй жаным, Оян, ҳәй арфа ҳәм лира, Ерте таңды мен оятайын!
10 Халықлар арасында Сени алғыслайман, Ийе, Миллетлер арасында саз шертип, Саған алғыс айтаман.
11 Сүйиспеншилигиң көклерге жетер, Садықлығың бултларға уласар.
12 Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай, Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!