1 Атқарыўшылардың жетекшиси Едутунға. Даўыттың жыры
2 Мен өзиме былай дедим: «Атқан адымыма дыққат қылайын, Тилимди гүнадан тыйып жүрейин, Алдымда напәклер турса да, Аўзыма қум қуйып қояйын».
3 Тилимди тыйып, үнсизлик сақладым, Ҳәтте, жақсы нәрсени айтыўдан бас тарттым. Артып кетти мениң дәртим.
4 Жүрегим оттай болып, лаўлап кетти, Ойлаған сайын, кеўлим өртенди, Мына сөзлер тилимнен төгилди:
5 «Билдире гөр ақыбетимди, Жаратқан Ийе, Билдир қанша күнлерим қалғанын, Билейин өмиримниң қаншелли қысқа екенин!
6 Қысқа өмир бергенсең маған, Сениң нәзериңде ҳеш нәрседур өмирим, Бир демдур ҳәр бир адамның өмири.
7 Ҳәр бир адамның өмири саядай өтип кетер, Адамзаттың ҳәрекети бийҳуда болар, Мал-дүнья жыйнар, Бирақ оның кимге қалатуғынын билмес.
8 Мен енди не күтиўим мүмкин, Жаратқан Ийе? Барлық үмитим Сеннен.
9 Азат қыла гөр барлық жынаятларымнан, Ақмақлардың үстимнен күлиўине жол қойма.
10 Үнсизлик сақлайман, ашпайман аўзымды, Себеби Сен иследиң буны.
11 Жудырығыңды узақластыр меннен, Сен берген соққылардан тамам болдым.
12 Гүналары ушын адамзатты, Жазалап, жолға саласаң. Күйе жегендей, әзиз нәрселерин жоқ қыласаң, Сөзсиз, адамзат бир демде өтип кетеди.
13 Дуўамды есит, Жаратқан Ийе, Қулақ сал жалбарыныўыма, Көз жасларыма бийпәрўа болма! Мен бир қонақпан алдыңда Сениң, Ата-бабаларым сыяқлы келгиндимен.
14 Қәҳәрли нәзериңди узақластыр меннен, Бул дүньядан өтип кетпесимнен бурын шадланайын!»