1 Жаратқан Ийе шопанымдур, Мен мүтәжлик көрмеспен.
2 Мени жасыл жайлаўларда жатқызар, Тыныш ағын суў бойына алып барар.
3 Ол жанымды қайта тиклеп, Өз аты ушын мени туўры жолға жетеклер.
4 Ҳәттеки, өлим қараңғылығы яңлы, Сол ойпатлықтан өтсем де, Қорқпайман қәўип-қәтерден. Сен мениң менен биргесең, Ҳасаң, шопанлық таяғың, Тынышлық берер маған.
5 Көз алдында душпанларымның, Мен ушын дастурхан жаясаң. Басыма май сүртип, Кесемди мениң толтырасаң.
6 Өмирим бойы жақсылық ҳәм сүйиспеншилик изимнен жүрер, Жаратқан Ийениң үйи мәңги мәканым болар.