1 Ҳалилуйя! Жаратқан Ийеге жаңа қосық айтың, Садық қулларының жыйынында Оны алғыслаң!
2 Израил өз Жаратыўшысы себепли қуўансын, Сион халқы өз Патшасына шадлансын!
3 Ойынға түсип, алғыслар айтсын Оның атына, Дәп ҳәм лира шертип, Оған алғыс-мақтаў қосығын айтсын!
4 Жаратқан Ийе халқына кеўли толады, Кишипейиллилерге жеңис берип, оларды даңққа бөлейди.
5 Усы ерискен ҳүрметине шад болсын садық қуллары, Төсеклеринде шадланып бақырсын!
6 Аўызларында Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын, Қолларында еки жүзли қылыш пенен,
7 Жат халықлардан өш алсын, Халықларға жаза берсин.
8 Олардың патшаларын шынжырлап, Абырайлы адамларына темир кисенлер салсын!
9 Олардың үстинен шығарылған ҳүкимди орынласын! Барлық садық қуллары ушын бул ҳүрмет болар. Ҳалилуйя!