1 Ҳалилуйя! Қандай жақсы саз шертип, Қудайымызды алғыслаў! Қандай ләззетли ҳәм жарасықлы Оған алғыс-мақтаў айтыў.
2 Ерусалимди қайтадан тиклейтуғын Жаратқан Ийе болады. Израилдың айдап әкетилгенлерин жыйнап алады.
3 Ол жаралы жүреклерге шыпа береди, Олардың жараларын таңады.
4 Ол жулдызлардың санын есаплайды, Олардың ҳәммесине ат қояды.
5 Ийемиз уллы ҳәм қүдирети күшли, Шексиздур Оның даналығы.
6 Езилгенлерди аяққа турғызатуғын Жаратқан Ийе болады, Жаўызларды жер менен жексен қылады.
7 Жаратқан Ийеге шүкирлик жырларын айтың, Қудайымызды лира шертип алғыслаң.
8 Ол көклерди бултлар менен қаплайды, Жер жүзин жаўын менен тәмийинлейди, Таўларда от-шөп өсиреди.
9 Ол азық береди ҳайўанларға, Ғарқылдаған ғарғаның палапанларына.
10 Ол аттың күшине заўықланбайды, Жаўынгердиң күшли аяқларынан ләззетленбейди.
11 Жаратқан Ийе Өзинен қорққанларға, Сүйиспеншилигине үмит байлағанларға ырза болады+.