1 Егер Жаратқан Ийе үйди қурмаса, Қурылысшылар бийкарға мийнет қылар. Егер Жаратқан Ийе қаланы қорғамаса, Гүзетши бийкарға қараўыллар.
2 Бийкарға ерте турып, кеш жатасыз, Аўқат табыў ушын көп мийнет етесиз. Жаратқан Ийе Өз сүйгенлериниң мүтәжликлерин, Уйықлағанда да тәмийинлейди.
3 Балалар Жаратқан Ийениң сыйы, Перзентлер Оннан берилген саўға.
4 Жас ўақтыңда туўылған уллар, Жаўынгердиң қолындағы оқлардай болар.
5 Қандай бахытлы оқ қалтасы толы адам! Қала дәрўазасында душпаны менен даўаласқанда, Ол шерменде болып қалмайды.