1 Жаратқан Ийеге үмит еткенлер Сион таўына уқсайды, Ҳеш қашан шайқалмай, мәңги беккем турады.
2 Таўлар Ерусалимди қоршап турғанындай, Ҳәзирден мәңгиге дейин, Жаратқан Ийе Өз халқын қоршап турыпты.
3 Шынында, жаўыз патшаның бийлик ҳасасы, Ҳақлардың үлесине тийген жерде мәңги турмайды, Болмаса, ҳақлар надурыс ислерге қол урар еди.
4 Жақсылық қыл, Жаратқан Ийе, Жақсыларға, жүреги пәк болғанларға.
5 Ал надурыс жолларға түскенлерди, Жаўызлар менен бирге қосып шығарып жибер. Израилға тынышлық болсын!