1 «Егер Жаратқан Ийе бизлер тәрепте болмағанда», – деп айтсын Израил, –
2 «Егер Жаратқан Ийе бизлер тәрепте болмағанда, Адамлар бизлерге ҳүжим қылғанда,
3 Ғәзеплери бизлерге қарсы лаўлағанда, Олар бизлерди тирилей жутар еди.
4 Топан суў бизлерди жуўып таслар еди, Селлер үстимизден басып кетер еди.
5 Қутырған суўлар бизлерди басып кетер еди».
6 Олардың тислерине бизлерди олжа қылмаған Жаратқан Ийеге, Алғыслар болсын!
7 Аңшының дузағынан қутылған қусларға уқсаймыз, Дузақ сынып, бизлер қутылдық.
8 Аспан ҳәм жерди жаратқан, Жаратқан Ийениң атынан бизге жәрдем келеди.