Забур 103 bob

1 Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным! Қудайым Жаратқан Ийе, Сен оғада уллысаң! Салтанат ҳәм уллылыққа бөленгенсең,
2 Шапандай етип нурға оранғансаң, Көклерди шатырдай етип жайғансаң,
3 Сарайыңды жоқарыдағы суўлардың үстине қурғансаң, Бултларды Өзиңе саўаш арбасы қылғансаң, Самал қанатларына минип кетесең.
4 Самалларды Өзиңе хабаршы, От жалынларын хызметкер қыласаң.
5 Сен жерди тийкар үстине орнаттың, Ол мәңги-бақый орнынан қозғалмас.
6 Оған туңғыйықты кийим сыяқлы кийгиздиң, Ҳәттеки, таўлардың жоқарысын да суў қаплаған.
7 Сениң кейислериңнен суўлар қашты, Гүркиреген даўысыңнан олар шегинди.
8 Таўлардан асып, ойпатлықларға түсти, Солар ушын Өзиң белгилеген жерлерге ақты.
9 Суўлар тасымасын, жер жүзин және қапламасын деп, Олар ушын шегара қойдың.
10 Булақларды сайларға қарай, Таўлар арасы менен ағызасаң.
11 Олар барлық жабайы ҳайўанларды суўғарады, Қуланлардың шөлин қандырады.
12 Қуслар суў бойларында жасайды, Путалар арасынан олар сайрайды.
13 Көктеги үйиңнен таўларды суўғарасаң, Жер жүзи ислериңниң мийўесинен тояды.
14 Малларды шөплер менен тәмийинлейсең, Адамлар мийнет пенен азығын алсын деп, Жерге егинлер өсиресең.
15 Кеўиллерин көтеретуғын шарапты, Жүзлерине нур беретуғын зәйтүн майын, Күш-қуўат беретуғын нанды Сен бересең.
16 Жаратқан Ийениң тереклери, Өзи тиккен Лебанондағы кедр ағашлары суўға қанады.
17 Қуслар тереклерде уя қурады, Ләйлектиң уясы бар сәрўи ағашларында.
18 Таў ешкилери бийик таўларда жасайды, Жартасларда даманлардың инлери бар.
19 Ўақытты белгилесин деп, айды, Бататуғын ўақтын билетуғын қуяшты жараттың.
20 Қараңғылық шөктиргениңде, түн болады, Сонда тоғай ҳайўанлары гезип жүреди.
21 Арысланлар ақырып, олжа излейди, Қудайдан азығын сорайды.
22 Қуяш шыққанда, олар изине қайтады, Өзлериниң инлерине барып жатады.
23 Адам өз жумысларына шығады, Кешке дейин жумысы менен бәнт болады.
24 Қаншелли ислер қылдың, Жаратқан Ийе! Ҳәммесин даналық пенен жараттың, Жер жүзи жаратқанларың менен толы.
25 Мине, ушы-қыйыры жоқ теңизлер, Ишинде қайнаған сансыз жанзатлар, Үлкен-киши жаныўарлар.
26 Ол жерде кемелер жүзеди, Ишинде ойнасын деп, жараттың Лиўятанды.
27 Ўақтында ырысқымызды берсин, деп, Олардың ҳәммеси Саған көз тигеди.
28 Ырысқысын бергениңде, олар жыйнап алады, Қолларыңды ашқаныңда, олар жеп тояды.
29 Жүзиңди жасырғаныңда, олар сасқалақлап қалады, Жанларын алсаң, олар өлип, топыраққа қайтады.
30 Жан берсең, олар жаратылады, Жаңадан өмир бересең жер жүзине.
31 Жаратқан Ийениң салтанаты мәңги даўам етсин! Жаратқан Ийе шадлансын Өз жаратқанларына!
32 Ол жер бетине көз тасласа, жер титирейди, Таўларға қол тийгизсе, таўлар түтейди.
33 Өмирим бойы Жаратқан Ийени жырлайман, Бар екенмен, саз шертип, Қудайыма алғыслар айтаман.
34 Ой-пикирлерим Оған мақул болсын, Жаратқан Ийе себепли шадланаман!
35 Жер жүзинен гүнакарлар жоқ болсын, Буннан былай жаўызлар болмасын! Жаратқан Ийеге алғыслар айт, ҳәй жаным!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16