2 Жылнама 11 bob

Шемаяның пайғамбаршылығы(1-4). Рехабамның Яҳуда қалаларын беккемлеўи(5-17). Рехабамның хожалығы(18-23). 

1 Рехабам Ерусалимге барды да, Израил менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады.
2 Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
3 «Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, Яҳуда ҳәм Бенямин жериндеги барлық израиллыларға былай деп айт:
4 Жаратқан Ийе былай дейди: „Өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Яробамға қарсы урысыўдан ўаз кешип, изине қайтты.
5 Рехабам Ерусалимде жасады ҳәм қорғаныў ушын Яҳудадағы мына қалаларды дийўаллар менен қоршады:
6 Бейтлеҳем, Этам, Теқоа,
7 Бейт- Сур, Сохо, Адуллам,
8 Гат, Мареша, Зиф,
9 Адорайым, Лахиш, Азеқа,
10 Сора, Айялон ҳәм Хеброн. Булар Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалалар еди.
11 Рехабам усы қалалардың бекинислерин күшейтип, бекинислерге әскербасылар қойды ҳәм оларда азық-аўқат, зәйтүн майы ҳәм шарап сақланатуғын орынлар қурды.
12 Ҳәр бир қаланы үлкен қалқан ҳәм найзалар менен тәмийинлеп, қорғаныўды беккемледи. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўлары Рехабамның қол астында қалды.
13 Израилдың барлық аймақларындағы руўханийлер менен лебийлилер Рехабамның қасына топланды.
14 Лебийлилер, ҳәтте, өз жайлаўлары менен мал-мүликлерин таслап, Яҳуда ҳәм Ерусалимге көшип келди. Себеби Яробам менен оның уллары оларды руўханий болып, Жаратқан Ийеге хызмет етиўден шетлеткен еди.
15 Яробам теке ҳәм тана мүсинлерин ислетип сыйыныў орынларына қойды ҳәм ол жерлерге хызмет етиў ушын өз руўханийлерин тайынлады.
16 Израилдың барлық урыўларындағы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылғанлар өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, руўханийлер менен лебийлилерге ерип, Ерусалимге келди.
17 Олар Яҳуда патшалығын беккемледи ҳәм үш жыл даўамында Даўыт пенен Сулайманның жолы менен жүрип, Сулайманның улы Рехабамды қоллап- қуўатлады.
18 Рехабам Даўыттың улы Еримоттың қызы Махалатқа үйленди. Оның анасы Ишайдың улы Элиабтың қызы Абиҳайыл еди.
19 Махалат Рехабамға Еуш, Шемария ҳәм Заҳам деген улларды туўып берди.
20 Махалаттан соң Рехабам Абшаломның қызы Маахаға үйленди. Ол Рехабамға Абия, Аттай, Зиза ҳәм Шеломитти туўып берди.
21 Рехабам басқа ҳаяллары ҳәм тоқалларына қарағанда, Абшаломның қызы Мааханы көбирек жақсы көрди. Рехабамның он сегиз ҳаялы ҳәм алпыс тоқалы болып, олардан жигирма сегиз ул ҳәм алпыс қызы бар еди.
22 Рехабам Маахадан туўылған улы Абияны өз тахтының мийрасхоры қылмақшы болып, басқа туўысқанларына басшы етип қойды.
23 Рехабам ақыллылық пенен ис тутып, басқа улларының ҳәммесин Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалаларға бөлип жиберди. Оларды керек-жарағы менен молдан тәмийинлеп, бир қанша ҳаяллар алып берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16