Бизлер Қудай менен мәңги жасай алыўымыз ушын, Ийса бизлердиң орнымызға өлди.
"Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи."
(Римлилерге жазылған хат 5:8)
Бирақ Оның өлими – бул еле ақыры емес! Ол өлилер ишинен қайта тирилди ҳәм ҳәзир тири!
"Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди. Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди."
(1-Коринфлилер 15:3-4)
Ийса - Қудайға алып баратуғын жалғыз жол!
"Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм өмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Әкеге бара алмайды."
(Юхан жазған Хош Хабар 14:6)