1 Патшалар 8 bob

Израил халқының патша талап етиўи (1-22).

 
1 Самуел қартайған шағында, өзиниң улларын Израилға бийлер етип қойды.
2 Туңғыш улының аты Иоел, екиншисиниң аты Абия болып, олар Беер-Шебада бийлик етти.
3 Бирақ уллары әкесиниң жолынан жүрмеди. Олар нәпсиқаўлыққа берилип, пара алатуғын ҳәм әдилликти бурмалайтуғын еди.
4 Сонлықтан пүткил Израил ақсақаллары жыйналып, Рамаға, Самуелге барды.
5 Олар Самуелге: «Мине, сен де қартайдың. Улларың да сениң жолыңнан жүрмей атыр. Соның ушын басқа халықларда болғаны сыяқлы, бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деди.
6 Олардың: «Бизлерге бийлик ететуғын бир патша қойып бер», – деген сөзлери Самуелге унамады. Сол себепли ол Жаратқан Ийеге дуўа етти.
7 Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп жуўап берди: «Халықтың саған айтып атырған сөзлериниң ҳәммесин тыңла. Себеби олар сеннен емес, ал өзлериниң патшасы болған Меннен ўаз кешти.
8 Оларды Мысырдан алып шыққан күнимнен баслап, усы күнге шекем Маған не қылған болса, саған да соны ислеп атыр. Олар Мени таслап, басқа қудайларға хызмет еткен еди.
9 Енди оларға қулақ сал. Бирақ оларға өзлериниң үстинен патшалық ететуғын патшаның ҳуқықлары туўралы билдирип, қатаң ескерт».
10 Самуел өзинен патша талап еткен халыққа Жаратқан Ийениң барлық сөзлерин жеткерип,
11 оларға былай деди: – Сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық ететуғын патшаның ҳуқықлары мынадай: ол сизлердиң улларыңызды алып, өзиниң саўаш арбаларында ҳәм атлы әскерий топарларында хызмет еттирип қояды. Және де, олар оның арбасының алдында жуўырып жүретуғын болады.
12 Ол базыларын мыңбасылар ҳәм елиўбасылар етип қояды. Базыларға жерин сүрдирип, егинин жыйнатады. Ал базыларға болса, урыс қуралларын ҳәм саўаш арбаларының әсбап-үскенелерин соқтырып қояды.
13 Қызларыңызды ийис май ислеўши, аспаз ҳәм нанбай етип алады.
14 Жақсы егислик жерлериңизди, жүзим ҳәм зәйтүн бағларыңызды алып, өз хызметшилерине береди.
15 Ол зүрәәтиңиздиң ҳәм жүзимиңиздиң оннан бирин алып, өз ақталарына ҳәм хызметшилерине береди.
16 Қул ҳәм шорыларыңызды, ең жақсы өгиз ҳәм ешеклериңизди алып, өз жумысларында пайдаланады.
17 Ол майда малларыңыздың да оннан бирин алады, ал өзлериңиз оның қуллары боласызлар.
18 Усылар орынланғанда, өзлериңиз таңлаған патшаңыздың дәртинен нала шегесизлер. Бирақ сол күни Жаратқан Ийе сизлерге жуўап бермейди.
19 Деген менен, халық Самуелдиң сөзин тыңлағысы келмей: – Яқ, бизлерди басқаратуғын бир патша болсын.
20 Сонда бизлер де басқа халықлар сыяқлы боламыз. Патшамыз бизлерге бийлик етеди ҳәм алдымызда жүрип, саўашларымызды басқарады, – деди.
21 Самуел халықтың барлық сөзлерин тыңлағаннан соң, оларды Жаратқан Ийеге айтып берди.
22 Сонда Жаратқан Ийе Самуелге: «Олардың сөзине қулақ салып, оларға бир патша қойып бер», – деп жуўап берди. Соннан кейин, Самуел израиллыларға: «Ҳәр бир адам өз қаласына қайтсын», – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16