1 Ханна былай деп дуўа етти: «Жүрегим Жаратқан Ийе менен шадланар, Оның Өзи маған күш берди. Душпанларым алдында тилим узайып, Оның қутқарғанына қуўанаман.
2 Ҳеш ким жоқ Жаратқан Ийедей мухаддес, Аўа, Сен сыяқлы ҳеш ким жоқ, Жаратқан Ийе! Қорғаўшы жартас да жоқ Қудайымыз сыяқлы!
3 Артық менменсип сөйлегенди тоқтатың, Аўзыңыздан тәкаббир сөзлер шықпасын. Себеби Жаратқан Ийе ҳәммесин билиўши Қудай-ғо, Ҳәр бир исти тәрезиге тартыўшы да Ол.
4 Күшлилердиң оқ жайлары сынар, Күшсизлер күшке толар.
5 Тоқлар нан ушын жалланып, Ашлар тояр, Нәсилсизлер жетеўин туўып, Көп уллы ҳаяллар бийперзент қалар.
6 Жаратқан Ийе өлтиреди де, тирилтеди де, Өлилер мәканына түсиреди де, шығарып алады да.
7 Ол кимисин жарлы қылып, кимисин байытар, Кимисин қулатып, кимисин жоқарылатар.
8 Жарлыны топырақтан көтерип алып, Бийшараны тасланды арасынан алып шығар. Отырғызып ақсүйеклер менен, Ҳүрмет тахтын берер. Өйткени жер тийкары Жаратқан Ийе қолында, Сол тийкар үстине Ол дүньяны орнатқан.
9 Жаратқан Ийе садық қулларының адымларын қорғар, Ал жаманлар қараңғылықта жоқ болар, Себеби өз күши менен жеңиске ериспес инсан.
10 Жаратқан Ийеге қарсы турғанлар шыл-пәрше болар, Жаратқан Ийе оларға қарсы көклерди гүркиретер, Пүткил дүньяны Ол ҳүким қылар, Өз патшасын күшке толтырып, Майлаған адамын даңққа еристирер».
11 Соңынан Элқана Рамаға, үйине қайтып кетти. Ал кишкене Самуел болса, руўханий Элийдиң қолында Жаратқан Ийеге хызмет ете баслады.
12 Элийдиң уллары жарамас адамлар еди.
13 Олар Жаратқан Ийени менсинбеди ҳәм халық алдындағы руўханийлик ўазыйпасына ҳүрметсизлик етти. Биреў қурбанлық шалып, гөш қайнатып атырғанда, руўханийлердиң хызметшиси қолына үш тисли шанышқыны алып келетуғын еди.
14 Ол шанышқыны шүлен қазанға, қазанға, табаға ямаса табаққа тығып, оған илингенниң ҳәммесин руўханий ушын алатуғын еди. Олар Шилоға келген израиллылардың ҳәммесине усылай ислейтуғын еди.
15 Ҳәтте, қурбанлықтың майлары түтетип жандырыў ушын ажыратып алынбастан бурын руўханийдиң хызметшиси келип, қурбанлық шалған адамға: «Руўханийге қуўырыў ушын шийки гөш бер. Ол сеннен пискен гөш емес, ал шийки гөш алады», – дейтуғын еди.
16 Егер қурбанлық шалған адам: «Дәслеп майды түтетип жандырайық, соңынан қәлегениңди аларсаң», – десе, хызметши оған: «Яқ, ҳәзир бересең, болмаса тартып аламан», – дейтуғын еди.
17 Жаратқан Ийениң нәзеринде жигитлердиң ислеген гүнасы жүдә аўыр еди. Өйткени олар Жаратқан Ийеге арналған қурбанлықларға ҳүрметсизлик етти.
18 Сол арада жас Самуел зығыр эфод кийип, Жаратқан Ийениң алдында хызмет етип жүрди.
19 Анасы ҳәр жылы күйеўи менен бирге жыллық қурбанлық бериў ушын келгенде, тиккен кишкене шапанын улына әкелип беретуғын еди.
20 Сонда Элий Элқанаға ҳәм оның ҳаялына пәтиясын берип: «Тилеп алып, Жаратқан Ийеге арнаған балаңның орнына Жаратқан Ийе саған бул ҳаялдан басқа балалар берсин», – дейтуғын еди. Соңынан олар үйине қайтатуғын еди.
21 Жаратқан Ийениң мийримине ерискен Ханна ҳәмиледар болып, және үш ул, еки қыз туўды. Ал кишкене Самуел Жаратқан Ийе алдында өсип барды.
22 Элий жүдә қартайып қалған еди. Ол улларының израиллыларға ислеген барлық ислери ҳәм Ушырасыў шатырының алдында хызмет ислейтуғын ҳаяллар менен жатқаны ҳаққында еситти.
23 Сонда Элий улларына былай деди: «Не ушын бундай ислерди ислеп атырсызлар? Мен сизлер ислеген жаўызлықлар ҳаққында ҳәмме адамлардан еситтим.
24 Бул жақсы емес, балаларым! Жаратқан Ийениң халқы арасында тарап кеткен бул хабар – жақсы хабар емес.
25 Егер адам адамға қарсы гүна ислесе, Қудай айыпкер ушын тәўеллеши болады. Бирақ Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислеген адам ушын ким тәўеллеши болады?» Деген менен, олар әкесиниң сөзлерине қулақ аспады. Өйткени Жаратқан Ийе оларды өлтириўди шешип қойған еди.
26 Сол арада өспирим Самуел өсип, Жаратқан Ийениң де, халықтың да кеўлине унап барды.
27 Бир күни Қудайдың бир адамы Элийге келип, былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бабаң ҳәм оның урпақлары Мысырда фараонның халқына қул болған ўақытта, Мен оларға Өзимди ашып көрсетпеген бе едим?
28 Қурбанлық орынға барыў ҳәм хош ийисли затларды түтетип, эфод кийип жүриў ушын пүткил Израил урыўлары арасынан тек сениң бабаңды ғана Өзиме руўханий етип таңламадым ба? Және де, израиллылардың пүткил сыйларын да сениң ата-бабаларыңның урпақларына бермедим бе?
29 Солай екен, Мениң үйим ушын әкелиўди буйырған қурбанлық ҳәм садақаларға неге ҳүрметсизлик етесизлер? Не ушын халқым Израилдың берген барлық қурбанлықларының ең жақсы жерлерин өзлериңиз жеп семирип, неге улларыңды Меннен артық көресең?“
30 Сонлықтан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сениң хожалығың ҳәм сениң бабаңның урпақлары Маған мәңгиге хызмет етеди, – деген едим“. Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: „Енди булай ислеўден аўлақпан. Себеби Мени ҳүрметлегенди Мен де ҳүрметлеймен, ал Мени ҳүрмет етпегенлер масқара болады.
31 Мине, сениң ҳәм бабаңның урпағының күшин қуртатуғын күнлерим киятыр. Солай етип, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди.
32 Мениң Израилға ислейтуғын жақсылығыма қарамастан, сен Мениң үйимде қыйыншылық көресең. Ендигиден былай, туқымыңда ҳеш ким узақ өмир сүрмейди.
33 Көзлериңди соқыр қылып, жүрегиңди қайғыға толтырыў ушын, Мениң қурбанлық орнымда сениң туқымыңнан тек бир адамды қалдыраман. Бирақ басқа урпақларыңның ҳәммеси жаслай дүньядан өтеди.
34 Еки улың Хофний менен Пинехастың бир күнде өлиўи сениң ушын бир нышан болады.
35 Мен Өзиме қәлеўлеримди ҳәм мақсетлеримди орынлайтуғын садық бир руўханий қояжақпан. Ол Мениң майлаған патшамның алдында бәрқулла хызмет етиўи ушын, оның урпағын мәңгиге усы хызметке қояман.
36 Сонда сениң урыўыңнан аман қалған ҳәр бир адам бир бөлек гүмис ямаса бир тислем нан ушын бас ийип келип, нан таўып жеўи ушын, өзин қандай да бир диний хызметке қойыўды сорайды“».