1 Патшалар 15 bob

Жаратқан Ийениң Шаулдан жүз бурыўы (1-35).

1 Бир күни Самуел Шаулға былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы Израил үстинен патша етип қойыў ушын мени жиберген еди. Енди Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла.
2 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Израиллыларға ислеген жаманлығы ушын амалеклерди жазаламақшыман. Өйткени олар Мысырдан шыққан Израил халқына қарсы шыққан еди.
3 Енди барып, амалеклерге ҳүжим қыл ҳәм оларға тийисли барлық нәрсени толық жоқ қыл. Оларды аяма. Еркегин де, ҳаялын да, балаларын да, нәрестелерин де, өгизин де, қойын да, түйесин де, ешегин де, ҳәммесин өлтир“».
4 Шаул әскерлерин топлап, оларды Телаим қаласында санақтан өткизди. Ол жерде еки жүз мың пияда әскер болып, Яҳуда урыўынан да он мың әскер бар еди.
5 Шаул амалеклердиң қаласына барып, ойпатлықта буққы жасады.
6 Соңынан ол кен халқына: «Сизлерди де амалеклер менен бирге қырып тасламаўым ушын, бөлинип, олардың арасынан шығып кетиңлер. Себеби сизлер Мысырдан шыққан Израил халқына жақсылық ислеген едиңлер», – деп хабар жиберди. Сонда кенлер амалеклерден айырылып шықты.
7 Шаул Хаўиладан Мысырдың шығысындағы Шурға шекемги амалеклерди қыйратты.
8 Ол амалек патшасы Агагты тирилей қолға алды, ал оның пүткил халқын қылыштан өткерип, қырып таслады.
9 Бирақ Шаул ҳәм оның адамлары Агагты, оның ең жақсы қойларын, сыйырларын, ең семиз таналарын ҳәм қозыларын, улыўма жақсы нәрселерди аяп, оларды толық қырып таслаўды қәлемеди. Ал әҳмийетсиз ҳәм ҳәлсизлерин қырып таслады.
10 Сонда Жаратқан Ийе Самуелге былай деп аян берди:
11 «Мен Шаулды патша етип тайынлағаныма өкинемен. Ол Меннен жүз бурып, буйрықларымды орынламады». Самуел ашыўланды ҳәм түни менен Жаратқан Ийеге жалбарынды.
12 Ертеңине Самуел азанда ерте турып, Шаул менен ушырасыўға барды. Бирақ ол Шаулдың Кармелге кеткенин, сол жерде өзине бир ескерткиш орнатқаннан соң, төмен түсип Гилгалға қайтқанын билди.
13 Самуел Шаулға келгенде, Шаул оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын. Мен Жаратқан Ийениң буйрығын орынладым, – деди.
14 Бирақ Самуел оннан: – Онда неге қулағыма қойдың маңырағаны ҳәм сыйырдың мөңирегени еситилип тур? – деп сорады.
15 Шаул оған: – Адамларым оларды амалеклерден алып келди. Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын, қой ҳәм сыйырлардың ең жақсыларын аяп алып қалды, қалғанларын толық жоқ қылдық, – деп жуўап берди.
16 Сонда Самуел Шаулға: – Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди. – Айт, – деди Шаул.
17 Сонда Самуел Шаулға: – Тоқтай тур, бүгин түнде Жаратқан Ийениң маған нелерди айтқанын саған билдирейин, – деди. – Айт, – деди Шаул.
18 Ол сени: «Барып, сол гүнакар амалеклерди пүткиллей қырып тасла. Ҳәммесин жоқ қылмағанша, олар менен урыс», – деген тапсырма менен жиберген еди.
19 Олай болса, неге Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспадың? Неге олжаға тасланып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған исти иследиң?
20 Шаул Самуелге былай деп жуўап берди: – Бирақ мен Жаратқан Ийениң сөзине қулақ астым. Мен Оның жиберген жерине бардым. Амалек халқын толық қырып таслап, олардың патшасы Агагты усы жерге алып келдим.
21 Адамларым болса, Гилгалда Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын қырып тасланыўы керек болған олжадан ең жақсы қой ҳәм малларды алды.
22 Сонда Самуел Шаулға былай деп жуўап берди: – Жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықлар бергеннен гөре, Өзине қулақ асқанларға Жаратқан Ийе көбирек қуўанбай ма? Қулақ асыў қурбанлықтан, бойсыныў қошқардың майынан артығырақ.
23 Себеби бойсынбаўшылық палкерлик сыяқлы гүна, ал менменлик бутпаразлық пенен барабар. Сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тартқаның ушын, Жаратқан Ийе де сени патша етиўден бас тартты.
24 Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим! Аўа, Жаратқан Ийениң буйрығына да, сениң сөзлериңе де бойсынбай, адамларымнан қорққаным ушын, оларға қулақ салдым.
25 Бирақ енди өтинемен, мениң гүнамды кешир. Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын мениң менен бирге қайт, – деди.
26 Ал Самуел Шаулға: – Мен сениң менен бирге қайтпайман. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тарттың, Жаратқан Ийе де сени Израилға патша етиўден бас тартты, – деди.
27 Самуел кетпекши болып бурылғанда, Шаул оның шапанының етегинен услап қалды. Шапан жыртылды.
28 Сонда Самуел: – Бүгин Жаратқан Ийе Израилдың патшалығын сениң қолыңнан алды ҳәм сеннен жақсырағына берди.
29 Израилдың уллы Қудайы жалған сөйлемейди, пикирин де өзгертпейди. Пикирин өзгертетуғындай Ол адам емес, – деди.
30 Шаул Самуелге: – Мен гүна иследим. Бирақ халқымның ақсақаллары ҳәм басқа израиллылардың алдында маған ҳүрмет көрсет. Қудайың Жаратқан Ийеге сыйыныўым ушын, мениң менен бирге қайт, – деди.
31 Солай етип, Самуел Шаул менен бирге қайтты ҳәм Шаул Жаратқан Ийеге сыйынды.
32 Соңынан Самуел: «Амалеклердиң патшасы Агагты мениң алдыма алып келиңлер», – деп буйырды. Агагты байлаўлы ҳалда Самуелдиң алдына алып келди. Ал Агаг ишинен: «Өлим қәўпиниң шетлеп өткени анық», – деп ойлады.
33 Бирақ Самуел оған: «Қылышың аналарды балаларынан қалай айырған болса, сениң анаң да ҳаяллар арасында баласынан айырылсын», – деди де, Агагты Гилгалда, Жаратқан Ийениң алдында қылыш пенен шаўып таслады.
34 Кейин Самуел Рамаға, ал Шаул Гибадағы өз үйине қайтты.
35 Сол күннен баслап өмириниң ақырына шекем Самуел Шаулды қайтып көрмеди. Бирақ оның ушын қайғырып жүрди. Ал Жаратқан Ийе болса, Шаулды Израилға патша етип тайынлағанына пушайман еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16