1 Соңынан Самуел зәйтүн майы қуйылған ыдысын алып, майды Шаулдың басына қуйды ҳәм оны сүйип, былай деди: «Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды.
2 Бүгин мениң жанымнан кеткениңнен соң, Бенямин жериниң шегарасындағы Селсахтағы Раҳиланың мазары жанында еки адамды ушыратасаң. Олар саған: „Сен излеп кеткен ешеклер табылды. Әкең ешеклерди ойлағанды қойып, балама не болды екен деп, сени қайғырып атыр“, – дейди.
3 Оннан арман қарай жүрип, Табордағы теребинф ағашына барасаң. Ол жерде үш адамды ушыратасаң. Олардың биреўи үш ылақ, екиншиси үш нан, ал үшиншиси шарап қуйылған мес алып, Қудайдың үйине, Бейт-Элге баратырған болады.
4 Олар сәлемлесип, саған еки нан береди, сен оларды аласаң.
5 Соңынан филистлердиң сақшылар бөлимшеси орналасқан Гибат-Элоҳимге барасаң. Қалаға киргениңде, сыйыныў орнынан түсип киятырған пайғамбарлар топарын ушыратасаң. Олар арфа, дәп, сырнай ҳәм лира шерткенлерге қосылып, пайғамбаршылық етип киятырған болады.
6 Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы сени толық бийлеп алып, сен де олар менен бирге пайғамбаршылық етесең ҳәм пүткиллей басқа адамға айланасаң.
7 Бул белгилер орынланғанда, жағдайға қарай ис тут. Өйткени Қудай сениң менен бирге болады.
8 Енди меннен алдын Гилгалға барып, сол жерде мени жети күн күт. Мен жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын бериў ушын сениң жаныңа бараман. Мен жаныңа барғанымда, не ислеў кереклигин билдиремен».
9 Шаул Самуелдиң жанынан кетиў ушын бурылыўдан-ақ, Қудай Шаулдың жүрегин өзгертип жиберди. Сол күни Самуел айтқан ҳәмме нәрсе орынланды.
10 Олар Гибаға келгенде, Шаулды пайғамбарлар топары қарсы алды. Сонда Қудайдың Руўхы Шаулды толық бийлеп алып, Шаул олар менен бирге пайғамбаршылық ете баслады.
11 Оны бурыннан таныйтуғынлардың ҳәммеси оның пайғамбарлар менен бирге пайғамбаршылық етип жүргенин көргенде, бир-бирине: «Киштиң улына не болған? Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – дести.
12 Сол жерде отырғанлардың бири: «Ал олардың әкеси ким екен?» – деди. «Шаул да пайғамбарлардың арасында ма?» – деген гәп усыдан қалған екен.
13 Шаул пайғамбаршылық етип болғаннан соң, сыйыныў орнына көтерилди.
14 Сонда ағасы Шаулдан ҳәм оның хызметшисинен: – Сизлер қай жерге бардыңлар? – деп сорады. Шаул оған: – Бизлер ешеклерди изледик. Оларды таба алмағаннан соң, Самуелге бардық, – деп жуўап берди.
15 Ағасы Шаулға: – Самуел саған не айтты, маған да айтып бер, – деди.
16 Шаул оған: – Ол бизлерге ешеклердиң табылғанын анық айтып берди, – деди. Бирақ ол Самуелдиң өзине патшалық туўралы айтқан сөзлери ҳаққында тис жармады.
17 Самуел Израил халқын Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйнап,
18 оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен израиллыларды, яғный сизлерди Мысырдан алып шықтым. Мысырлылардың ҳәм өзлериңизди езген барлық патшалардың қолынан сизлерди қутқардым.
19 Бирақ сизлер бүгин өзлериңизди барлық мүсийбет ҳәм қыйыншылықларыңыздан қутқарған Қудайыңыздан жүз бурып, өзлериңизге бир патша қойып бериўди талап еттиңиз“. Енди Жаратқан Ийениң алдында урыўларыңыз ҳәм тийрелериңиз бойынша дизилиңлер».
20 Самуел пүткил Израил урыўларын бирме-бир алдыға шығарды. Шек бойынша олардан Бенямин урыўы таңланды.
21 Соңынан Бенямин урыўы тийрелери бойынша шақырылғанда, Матрийдиң тийреси таңланды. Ең соңында Матрийдиң тийресинен Киштиң улы Шаул таңланды. Бирақ оны излегенде, таба алмады.
22 Сонда халық Жаратқан Ийеден: – Ол адам еле бул жерге келмеди ме? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Ол усы жерде, жүклердиң арасында жасырынып жатыр, – деп жуўап берди.
23 Олар жуўырып барып, Шаулды сол жерден алып келди. Шаул халықтың арасында турғанда, ҳәммениң бойы оның ийнине келип турды.
24 Самуел халыққа: «Жаратқан Ийениң таңлаған адамын көрип турсызлар ма? Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ», – деди. Сонда халық: «Жасасын патша!» – деп бақырды.
25 Самуел халыққа патшалықтың ҳуқықлары туўралы баянлап берди. Оларды бир китап қылып жазып, Жаратқан Ийениң алдына қойды. Соңынан ҳәммени үйине қайтарды.
26 Шаул да Гибаға, өз үйине қайтты. Қудай жүреклерине түртки салған мәрт адамлар оған жолдас болды.
27 Бирақ гейбир жарамас адамлар: «Ол бизлерди қалай қутқара алады?» – деп Шаулды менсинбей, оған сыйлар бермеди. Ал Шаул өзин сезбегенге алды.