1 Патшалар 1 bob

 Самуелдиң туўылыўы (1-20). Ханнаның Самуелди Қудайға бағышлаўы (21-28).

1 Эфрайымның таўлы үлкесиниң Рама қаласында Эфрайым урыўының Суф тийресинен болған Элқана деген бир адам жасайтуғын еди. Ол Суфтың қуўлығы, Тохудың шаўлығы, Элиҳудың ақлығы ҳәм Ерохамның улы еди.
2 Элқананың Ханна ҳәм Пенинна атлы еки ҳаялы бар еди. Пениннаның балалары болды, ал Ханна қурсақ көтермеди.
3 Элқана Әлемниң Жаратқан Ийесине сыйынып, Оған қурбанлық бериў ушын ҳәр жылы өз қаласынан Шилоға баратуғын еди. Ол жерде Элийдиң еки улы Хофний ҳәм Пинехас Жаратқан Ийениң руўханийлери еди.
4 Элқана қурбанлық шалған күни ҳаялы Пениннаға ҳәм оның ул-қызларына пайларын бергенде,
5 Ханнаға жақсы жеринен пай беретуғын еди. Себеби Қудай Ханнаны нәсилсиз қылып қойған болса да, Элқана оны сүйетуғын еди.
6 Бирақ Пенинна Жаратқан Ийениң перзент бермегенин күндесиниң бетине басып, оған бәрқулла азап беретуғын еди.
7 Бул ҳәр жылы даўам етти. Ханна Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр келгенде, күндеси оған азап беретуғын еди. Ал ол жылап, ҳеш нәрсе жемейтуғын еди.
8 Сонда күйеўи Элқана оған: «Ханна, неге жылайсаң, неге аўқат жемейсең? Неге буншама қайғылысаң? Мен сен ушын он улдан артық емеспен бе?» – дейтуғын еди.
9 Бир күни олар Шилода ишип-жеп болғаннан кейин, Ханна орнынан турды. Сонда руўханий Элий Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер аўзындағы өз орынлығында отыр еди.
10 Ханнаның жүреги қайғыға толып, өксип жылаўы менен Жаратқан Ийеге дуўа етти.
11 Ол былай деп ўәде берди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси! Егер Сен қулыңның қайғысына нәзер салып, мени еске алсаң ҳәм Өз қулыңды умытпай, оған бир ул сыйласаң, мен оны пүткил өмир бойы Саған бағышлайман. Оның басына ҳеш қашан пәки тиймейди».
12 Ханна Жаратқан Ийеге усылай дуўа етиўин даўам етип турғанда, Элий оның аўзын гүзетип отырды.
13 Ханна ишинен дуўа еткенликтен, оның тек еринлери жыбырлап турды, ал даўысы еситилмеди. Сол себептен Элий оны мәс деп ойлап қалды.
14 Элий оған: – Мәскүнемликти қашанға шекем даўам етесең? Ишкенди тоқтат, – деди.
15 Сонда Ханна Элийге: – Яқ, мырзам, олай емес. Мен бир қайғыға батқан ҳаялман. Мен шарап та, өткир ишимлик те ишкен жоқпан. Тек жүрегимдеги қайғымды Жаратқан Ийеге төгип атырман.
16 Қулыңызды уятсыз ҳаял деп ойламаңыз. Қайғы-ҳәсиретим күшли болғанлықтан, усы ўақытқа дейин жалбарынып турман, – деп жуўап берди.
17 Сонда Элий оған: – Аман-есен қайта бер. Израилдың Қудайы тилегиңди орынласын, – деди.
18 Ханна оған: – Маған кеўлиңиз толсын, – деди де, өз жолына түсти. Соңынан ол аўқатланды, оның жүзи де бурынғыдай қайғылы болмады.
19 Олар ертеңине азанда ерте турып, Жаратқан Ийеге сыйынғаннан соң, Рамадағы өз үйине қайтып келди. Элқана ҳаялы Ханна менен жақынласты ҳәм Жаратқан Ийе Ханнаны есине алды.
20 Ханна ҳәмиледар болып, ўақты келгенде бир ул туўды. Ханна: «Мен оны Жаратқан Ийеден тилеп алғанман», – деп оған Самуел деп ат қойды.
21 Элқана Жаратқан Ийеге жыллық қурбанлығын ҳәм ўәде етип атаған қурбанлығын бериў ушын пүткил хожалығы менен бирге Шилоға кетти.
22 Бирақ Ханна олар менен бирге кетпеди. Ол күйеўине: – Бала емшектен шыққаннан кейин, оны Жаратқан Ийеге хызмет етиўге алып бараман. Ол Жаратқан Ийениң алдында болып, мәңгиге сол жерде қалады, – деди.
23 Күйеўи Элқана оған: – Нени мақул тапсаң, соны исле. Баланы емшектен шығарғаныңша, усы жерде бол. Жаратқан Ийе саған ўәдеңде турыўға жәрдем берсин, – деди. Солай етип, Ханна улын емшектен шығарғанға шекем үйде болып, оны емизди.
24 Бала емшектен шыққаннан соң, Ханна баланы, үш жасар буғаны, бир эфа* унды ҳәм бир мес шарапты алып, Жаратқан Ийениң Шилодағы Үйине барды. Бала еле жас еди.
25 Олар буғаны сойғаннан кейин, баланы Элийге апарды.
26 Соңынан Ханна Элийге былай деди: «О, мырзам! Алдыңызда ант ишип айтаман: мен усы жерде, сизиң жаныңызда турып, Жаратқан Ийеге дуўа еткен ҳаялман.
27 Мен Жаратқан Ийеден мына баланы сорап, дуўа еткен едим. Ол мениң тилегимди орынлады.
28 Мен де оны Жаратқан Ийеге бағышлайман. Ол бир өмир Жаратқан Ийеге хызмет етеди». Соңынан олар сол жерде Жаратқан Ийеге сыйынды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16