Рут 4 bob

Боаздың Рутқа үйлениўи (1-12). Даўыт патшаның шежиреси (13-22).

1 Боаз қала дәрўазасының жанына* барып отырды. Қараса, өзи айтқан әменгери қасынан өтип баратыр екен. Боаз оны шақырып: «Туўысқаным, берман келип, мына жерге отыр», – деди. Сол адам келип отырды.
2 Соңынан Боаз қала ақсақалларынан он адамды жыйнап алып, оларға: «Келиңлер, сизлер де усы жерде отырыңлар!» – деди. Олар келип отырды.
3 Сонда Боаз сол әменгерге былай деди: – Моаб елинен қайтып келген Нағыйма ағайинимиз Элимелехке тийисли жер үлесин сатпақшы.
4 Мен саған мынаны мәлим етпекшимен: усы жерде отырғанлар ҳәм халқымның ақсақаллары алдында сен сол жерди сатып ал. Егер сен әменгерлик ўазыйпасын орынламақшы болсаң, орынла. Егер де орынлаўды қәлемесең, онда маған айт, мен билейин. Себеби бул ўазыйпаны орынлаў биринши гезекте сениң мойныңда. Ал сеннен кейинги нәўбет меники. Сол адам: – Мен әменгерлик ўазыйпамды орынлайман, – деди.
5 Боаз оған: – Егер сен Нағыймадан жерди сатып алатуғын болсаң, онда марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, оның моаблы жесир ҳаялы Рутты да ҳаяллыққа алыўың керек, – деди.
6 Сол әменгери Боазға: – Олай болса, мен әменгерлик ўазыйпамды орынлай алмайман. Себеби өз мүлкимди жоғалтып алыўым мүмкин. Жақсысы, бул ўазыйпаны сен орынла, өйткени мен орынлай алмайман, – деди.
7 Әййемги Израилда мынадай дәстүр бар еди: егер биреў әменгерлик ўазыйпасын орынлайтуғын ямаса мал-мүликлерин алыс-берис қылатуғын болса, онда буның дәлили сыпатында биреўи аяқ кийимин шешип, екиншисине беретуғын еди. Мине, бул Израилда тастыйықланған гүўалықтың орнын басатуғын еди.
8 Солай етип, сол әменгер Боазға: – Өзиң сатып ала бер, – деди де, аяқ кийимин шешип, оған берди.
9 Боаз ақсақалларға ҳәм барлық халыққа қарап былай деди: – Бүгин сизлер мынаған гүўасызлар: мен Нағыймадан марҳум Элимелех, Килйон ҳәм де Махлонның барлық мүлкин сатып алып атырман.
10 Және де, мен марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, Махлонның жесири, моаблы Рутты ҳаяллыққа аламан. Марҳумның туўысқанлары арасында ҳәм өзи жасаған қалада аты өшпесин. Бүгин сизлер усыған гүўасызлар.
11 Дәрўаза жанында болған пүткил халық ҳәм ақсақаллар: – Бизлер гүўамыз. Сениң үйиңе киретуғын ҳаялды Жаратқан Ийе Израил халқының еки түпки анасы Раҳила ҳәм Леадай қылғай. Эфратада байлықлар ийеси болғайсаң, Бейтлеҳемде атың уллы болғай.
12 Жаратқан Ийениң усы жас ҳаялдан саған беретуғын балалары арқалы сениң урпағың Тамараның Яҳудаға туўып берген улы Перестиң урпағындай болғай, – деди.
13 Солай етип, Боаз Рутты ҳаяллыққа алып, оған үйленди. Боаз Рут пенен қосылды ҳәм Жаратқан Ийе Руттың қурсағына бала берип, ол ул туўды.
14 Ҳаяллар Нағыймаға: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол бүгин сени әменгерсиз қалдырмады. Баланың аты Израилда даңқ-атаққа ийе болсын!
15 Ол сениң өмириңди жаңартады, қартайғанда бағыўшың болады. Себеби оны сени жақсы көретуғын келиниң туўып берди. Усы келиниң сениң ушын жети улдан да артығырақ», – деди.
16 Нағыйма баланы қолына алып, баўырына басты ҳәм өзи бағып тәрбиялады.
17 Қоңсы ҳаяллар: «Нағыйма уллы болды», – деп, балаға ат қойып, оны Обид деп атады. Обид Ишайдың әкеси, Ишай Даўыттың әкеси болды.
18 Перестиң шежиреси мынадай: Перестен Хесрон туўылды,
19 Хесроннан Рам туўылды, Рамнан Амминадаб туўылды,
20 Амминадабтан Нахшон туўылды, Нахшоннан Салмон туўылды,
21 Салмоннан Боаз туўылды, Боаздан Обид туўылды,
22 Обидтен Ишай туўылды, Ишайдан Даўыт туўылды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.