Бийлер 20 bob

Бенямин урыўына қарсы урыс (1-48).

1 Даннан Беер-Шебаға дейинги аралықта ҳәм Гилад жеринде жасайтуғын пүткил Израил халқы жолға шықты. Олар бир жағадан бас шығарып, Миспаға, Жаратқан Ийениң алдына жыйналды.
2 Қудайдың халқының бул жыйынына Израил халқының ҳәм пүткил урыўларының басшылары қатнасыўға келди. Ол жерде қуралланған төрт жүз мың әскер бар еди.
3 Сол арада Бенямин урыўы израиллылардың Миспаға жыйналғанын еситкен еди. Израиллылар: – Бул жаўызлықтың қалай болғанын бизлерге түсиндирип бериң, – деди.
4 Өлтирилген ҳаялдың лебийли күйеўи былай деп жуўап берди: – Мен түнеў ушын тоқалым менен бирге беняминлилердиң Гиба қаласына келдим.
5 Сонда Гибаның адамлары мени өлтирмекши болып, түнде үйди қоршап алды ҳәм олар тоқалымды зорлады. Тоқалым сол себепли өлди.
6 Мен оның өлигин алып бөлекледим ҳәм ҳәр бир бөлекти пүткил Израил жери бойлап жибердим. Себеби олар Израилда жаўыз ҳәм уят исти иследи.
7 Ҳәй, Израил халқы! Минекей, ҳәммеңиз усы жердесиз, енди сизлер бул исти қарап шығып, шешимиңизди айтыңлар.
8 Сол жердеги пүткил халық бир аўыздан былай деди: – Бизлердиң ҳеш биримиз шатырларымызға кетпеймиз, үйлеримизге қайтпаймыз.
9 Енди бизлер Гибаға былай ислеймиз: оған шек бойынша ҳүжим жасаймыз.
10 Әскерлерди азық-аўқат пенен тәмийинлеў ушын, пүткил Израил урыўларынан ҳәр жүз адамнан он, мың адамнан жүз, он мың адамнан мың адам сайлап алынады. Ал қалғанлары беняминлилердиң Гиба қаласына барып, оларды Израилда ислеген уят иси ушын жазалайды.
11 Солай етип, пүткил израиллылар бир жағадан бас шығарып, Гибаға қарсы жыйналды.
12 Израил урыўлары Бенямин урыўына адамларын жиберип: «Араңызда бундай жаўызлық неге исленди?
13 Гибадағы сол бузық адамларды ҳәзир-ақ қолымызға тапсырың. Бизлер оларды өлтирип, Израилдан жаўызлықты жоқ етейик», – деди. Бирақ беняминлилер израиллы туўысқанларына қулақ салмады.
14 Израиллыларға қарсы урысыў ушын, беняминлилер өз қалаларынан Гибаға келди.
15 Сол күни Гиба халқынан болған жети жүз ағла жаўынгерден тысқары, беняминлилердиң басқа қалаларынан келген, қуралланған жигирма алты мың адам жыйналды.
16 Олардың арасында солақай болған жети жүз ағла жаўынгер бар еди. Олардың ҳәммеси, ҳәтте, бир тал шашты нышан қылып қойғанда да, сақпан менен урып тийгизе алатуғын еди.
17 Беняминлилерден басқа, израиллылардан қуралланған төрт жүз мың адам жыйналды. Олардың ҳәммеси урысқа жарамлы еди.
18 Израиллылар Бейт-Элге барып, Қудайдан: «Беняминлилер менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: «Биринши болып яҳудалылар урысқа шығады», – деди.
19 Израиллылар азанда жолға шығып, Гибаның қарсы алдына әскерий орда қурды.
20 Израиллылар Бенямин урыўы менен саўашқа түсиў ушын, Гибада сап тартып турды.
21 Гибадан шыққан беняминлилер сол күни израиллылардан жигирма еки мың адамды өлтирди.
22 Бирақ Израил халқы бир-бирин жигерлендирип, алдынғы күни турған жеринде және сап тартып турды.
23 Сонда израиллылар Бейт-Элге барып, Жаратқан Ийениң алдында кешке дейин жылады ҳәм Жаратқан Ийеден: – Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен және урысыўға шығайық па? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Аўа, оларға қарсы урысыңлар, – деди.
24 Солай етип, израиллылар екинши күни және беняминлилерге қарсы жүрис қылды.
25 Сол күни Бенямин урыўы да Гибадан оларға қарсы атланып, израиллылардан қолына қылыш көтерген және он сегиз мың адамды өлтирди.
26 Сонда пүткил Израил халқы Бейт-Элге барып, ол жерде Жаратқан Ийениң алдында отырып жылады ҳәм сол күни кешке дейин ораза тутты. Және де, олар Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды.
27 Сол ўақытта Қудайдың Келисим сандығы Бейт-Элде еди. Харонның ақлығы, Элазардың улы болған Пинехас сол жерде, сандықтың жанында руўханий болып хызмет ететуғын еди. Израиллылар Жаратқан Ийеден: – Туўысқанларымыз болған беняминлилер менен урысыўды даўам етейик пе ямаса тоқтатайық па? – деп сорады. Жаратқан Ийе оларға: – Урысты даўам етиңлер.
28 Себеби ертең оларды сизлерге тәслим қыламан, – деди.
29 Израиллылар Гибаның айналасында буққы таслап жатты.
30 Олар үшинши күни беняминлилерге қарсы ҳәрекетке өтип, бурынғыдай қала қарсысында сапқа дизилип турды.
31 Беняминлилер де оларға қарсы шығып, қаладан узақласып кетти. Олар Бейт-Элге ҳәм Гибаға баратуғын жолларда, ашық майданларда алдынғысы сыяқлы израиллыларды өлтире баслады. Израиллылардан отызға шамалас адам өлтирилди.
32 Беняминлилер: «Өткен сапардағыдай оларды және жеңилиске ушыратамыз», – дести. Ал израиллылар болса: «Олардан қашайық ҳәм оларды қаладан узақластырып, жолларға шығарайық», – дести.
33 Сонда израиллылардың барлығы өз орынларынан шығып, Баал-Тамарда сапқа дизилип турды. Гибаның әтирапында буққыда жатырған израиллылар да орынларынан атлығып шықты.
34 Солай етип, Израилдың он мың ағла жаўынгери Гибаға ҳүжим жасады. Ғыжлаған урыс басланды. Беняминлилер басына түсетуғын апаттан хабарсыз еди.
35 Жаратқан Ийе беняминлилерди израиллылар алдында жеңилиске ушыратты. Израиллылар сол күни беняминлилерден қолына қылыш услаған жигирма бес мың бир жүз адамды өлтирди.
36 Сонда беняминлилер жеңилиске ушырағанын түсинди. Ал израиллылар артқа шегинип, беняминлилерге жол берди. Өйткени олар Гиба айналасында буққыда жатырғанларға исенетуғын еди.
37 Буққыдағылар тосаттан Гибаға ҳүжим жасап, қаладағы пүткил халықты қылыштан өткерди.
38 Буққыдағылар менен израиллылар арасында келисилген бир белги бар еди. Қалаға от берилип, қойыў түтинниң аспанға көтерилиўи – ҳүжимге өтиўдиң белгиси еди.
39 Сол ўақытта израиллылар саўаш майданынан артқа бурылып, ҳүжимге өтиў керек еди. Сол арада беняминлилер израиллылардың отызға жақын адамын өлтирген еди. Сол себептен беняминлилер: «Бурынғы саўаштағы сыяқлы, израиллылар бизлерден және жеңиледи», – деди.
40 Бирақ қаладан қойыў түтин көтериле баслағанда, беняминлилер артына бурылып қарап, пүткил қаладан аспанға түтин көтерилип атырғанын көрди.
41 Олар изине бурылып киятырған израиллыларды көргенде, албырасып қалды. Өйткени олар басларына апат түскенин билген еди.
42 Беняминлилер израиллылардан жол бойлап, шөлге қарай қашса да, урыстан қашып қутыла алмады. Ал қалалардан шыққан израиллылар да оларды қыра баслаған еди.
43 Солай етип, израиллылар беняминлилерди қоршап алды ҳәм оларды Гибаның шығысындағы жерлерге дейин қуўып, қыйратты.
44 Беняминлилерден он сегиз мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де мәрт әскерлер еди.
45 Олардың аман қалғанлары шөлге, Риммон жартасына қарай қаша баслады. Израиллылар жол-жөнекей олардан және бес мың адамды өлтирди. Оларды Гидомға дейин қуўып барып, және еки мыңын өлтирди.
46 Сол күни беняминлилерден ҳәммеси болып жигирма бес мың адам өлтирилди. Олардың ҳәммеси де қолына қылыш услаған мәрт әскерлер еди.
47 Бирақ алты жүз адам шөлге қашып барып, Риммон жартасын паналады. Олар сол үңгирде төрт ай қалды.
48 Израиллылар беняминлилерге қайтып барып, қалалардағы адамларды, малларды ҳәм дус келгенниң ҳәммесин қылыштан өткерди. Алдыларынан шыққан барлық қалаларға от берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16