Бийлер 2 bob

Жаратқан Ийениң периштеси Бохимде (1-5). Ешуаның өлими (6-9). Израиллылардың Жаратқан Ийеден узақласыўы (10-23).

1 Жаратқан Ийениң периштеси Гилгалдан Бохимге келип, израиллыларға былай деди: – Сизлерди Мысырдан шығарып, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерге алып келдим. Мен сизлерге: «Сизлер менен дүзген келисимимди ҳеш қашан бузбайман.
2 Ал сизлер бул жерлерде жасап атырғанлар менен келисим дүзбеңлер ҳәм олардың қурбанлық орынларын қыйратып таслаңлар», – деген едим. Бирақ сизлер сөзиме қулақ салмадыңлар. Не ушын бундай иследиңлер?
3 Және де, Мен сизлерге: «Бул халықларды сизлердиң араңыздан қуўып шығармайман. Олардың өзлери сизлерге душпан, ал қудайлары дузақ болады», – деп айтқан едим.
4 Жаратқан Ийениң периштеси усы сөзлерди айтқанда, пүткил Израил халқы дад салып жылай баслады.
5 Сонлықтан олар сол жерди Бохим деп атады ҳәм сол жерде Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
6 Ешуа халықты тарқатып жибергеннен соң, олардың ҳәр қайсысы өз пайына тийген жерлерди ийелеп алыў ушын жолға шықты.
7 Ешуаның тири ўақтында ҳәм Жаратқан Ийениң Израил ушын ислеген уллы ислерин көрип, Ешуадан кейин өмир сүрген ақсақаллар дәўиринде, Израил халқы Жаратқан Ийеге хызмет етти.
8 Жаратқан Ийениң қулы Нун улы Ешуа бир жүз он жасында қайтыс болды.
9 Оны Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Гааш таўының арқа тәрепине, өзиниң пайына тийген Тимнат-Херес деген жерге жерледи.
10 Бул әўладтан болғанлардың ҳәммеси өлип, ата-бабаларына қосылғаннан соң, Жаратқан Ийени танымайтуғын ҳәм Оның Израил халқы ушын ислеген ислерин билмейтуғын басқа бир әўлад өсип жетисти.
11 Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Баалларға* табына баслады.
12 Олар өзлерин Мысырдан алып шыққан ата- бабаларының Қудайы, Жаратқан Ийеден жүз бурып, әтираптағы халықлардың қудайларына аўып кетти ҳәм оларға табынды. Бул Жаратқан Ийениң қәҳәрин келтирди+.
13 Өйткени олар Жаратқан Ийеден жүз бурып, Баал ҳәм Аштарта бутларына табына баслаған еди.
14 Сонлықтан Жаратқан Ийениң Израил халқына ғәзеби қайнап, оларды мүликлерин тонайтуғын басқыншылардың қолына тапсырды. Жаратқан Ийе оларды әтираптағы душпанларға тәслим етти. Солай етип, артық олар душпанларына қарсы тура алмады.
15 Жаратқан Ийениң айтқанындай ҳәм ант ишкениндей, Израил халқы ҳәр сапар саўашқа түскенде, Жаратқан Ийениң Өзи оларға қарсы болды ҳәм олар аўыр аўҳалда қалды.
16 Сонда Жаратқан Ийе оларды тонаўшылардың қолынан қутқаратуғын бийлерди жиберди.
17 Бирақ олар бийлерди де тыңламады ҳәм Жаратқан Ийеге опасызлық етип, басқа қудайларға табынып кетти. Олар Жаратқан Ийениң буйрықларын орынлаған ата-бабалары сыяқлы болмай, ата- бабалары жүрген жолдан тез азғырылды.
18 Жаратқан Ийе олар ушын бир бий таңлап шығарғанда, Ол сол бий менен бирге болды ҳәм сол бий жасаған ўақытта оларды душпанларының қолынан қутқаратуғын еди. Себеби олар езиўшилик ҳәм зулым астында нала шеккенде, Жаратқан Ийениң оларға реҳими келетуғын еди.
19 Деген менен, бийлер өлиўден-ақ, олар ата-бабаларынан да бетер болып, және басқа қудайлардың изине еретуғын, оларға хызмет етип, табынатуғын еди. Олар ислеген жаман ис- ҳәрекетлеринен ҳәм қайсарлықтан ўаз кешпеди.
20 Солай етип, Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, былай деди: «Бул халық Мениң ата-бабаларына орынлаң деп буйырған келисимимди бузып, сөзиме қулақ салмады.
21 Сонлықтан енди Мен де Ешуа өлгенде, усы жерлерде қалған халықлардың ҳеш бирин олардың алдынан қуўып шығармайман.
22 Ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң жолынан жүретуғынын ямаса жүрмейтуғынын көриў ушын, оларды усы миллетлер арқалы сынайман».
23 Солай етип, Жаратқан Ийе сол миллетлерди дәрҳал қуўып шығармаған ҳәм оларды Ешуаға тәслим еттирмей, елде қалыўға рухсат берген еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16