Бийлер 19 bob

Лебийли адам ҳәм оның тоқалы (1-30).

1 Израилда патша болмаған дәўирде, Эфрайымның таўлы үлкесиниң алыс түпкиринде лебийли бир адам жасайтуғын еди. Сол лебийли адам Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан өзине бир тоқал алды.
2 Бирақ тоқалы оған опасызлық етти ҳәм оны таслап, әкесиниң үйине, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласына кетип қалды. Ҳаял сол жерде төрт ай болғанда,
3 күйеўи оның кеўлин таўып, қайтарып алып келиў ушын изинен келди. Ол өзи менен бирге хызметшисин ҳәм еки ешегин алып келген еди. Ҳаял оларды әкесиниң үйине киргизди ҳәм ҳаялдың әкеси лебийлини көргенде, оны қуўаныш пенен күтип алды.
4 Лебийлиниң қәйин атасы, яғный тоқалының әкеси оны үш күн қонақ қылды. Олар сол жерде ишип-жеди ҳәм түнеп қалды.
5 Төртинши күни олар ерте турды. Қыздың әкеси кетиўге таярланып атырған күйеў баласына: – Нан-пан жеп, ҳәлленип ал, соңынан қайтарсызлар, – деди.
6 Екеўи бирге отырып, ишип-жеп болғаннан кейин, қәйин атасы оған: – Бүгин де түнеп қалып, кеўлиңди хошла, – деди.
7 Лебийли кетпекши болып орнынан турды, бирақ қәйин атасы оны және түнеп қалыўға көндирди.
8 Бесинши күни лебийли кетпекши болып, азанда ерте турды. Сонда қәйин атасы: – Ишип-жеп, ҳәлленип ал, күн аўғанша күтиң, – деди. Солай етип, екеўи бирге отырып, ишип-жеп алды.
9 Сол адам тоқалы ҳәм хызметшиси менен бирге қайтпақшы болғанда, қәйин атасы оған: – Қара, күн аўып, кеш болайын деп тур. Енди бүгин де усы жерде қонып қалып, кеўлиңди хошла. Ертең ерте турып, жолға атланып, үйиңизге қайтарсызлар, – деди.
10 Бирақ сол адам ол жерде және түнеп қалыўды қәлемеди. Ол тоқалын алып, жүк артылған еки ешеги менен жолға шықты ҳәм Ебусқа, яғный Ерусалимге жақын жерге жетип келди.
11 Олар Ебусқа жақынласқанда, күн батайын деп турған еди. Сонда хызметши хожайынына: – Ебуслылардың бул қаласына кирип, усы жерде түнеп қалайық, – деди.
12 Хожайыны оған: – Яқ, халқы израиллылар болмаған жат қалаға кирмеймиз, ал Гибаға барамыз, – деди.
13 Кейин лебийли сөзин даўам етип, хызметшисине: – Жүр, Гибаға ямаса Рамаға жетип қалайық. Екеўиниң биреўинде түнеп қалармыз, – деди.
14 Солай етип, олар жолын даўам етти ҳәм Бенямин урыўының Гиба қаласына жақынласқанда, қуяш та батып қалған еди.
15 Олар түнеп қалыў ушын, Гибаға қарай бурылды да, барып, қала майданында отырды. Бирақ ҳеш ким оларды үйине мирәт етпеди.
16 Кеште, бир ғарры атыз жумысынан қайтып киятыр еди. Ол Эфрайымның таўлы үлкесинен болып, Гибада жасайтуғын еди. Ал қала халқы болса, беняминлилер еди.
17 Ғарры қала майданындағы жолаўшыларды көрип, лебийлиден: – Қай жерден келип, қай жерге баратырсызлар? – деп сорады.
18 Лебийли адам ғаррыға былай деп жуўап берди: – Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырмыз. Эфрайымның таўлы үлкесиндеги узақ бир жерге, өзим жасайтуғын жерге кетип баратырмыз. Мен Бейтлеҳем қаласына барған едим, енди Жаратқан Ийениң үйине қайтып баратырман. Бирақ ҳеш ким мени үйине мирәт етпеди.
19 Бизлерде ешеклеримиз ушын от-жем, өзим, тоқалым ҳәм хызметшим ушын аўқат ҳәм шарап бар. Бизлер ҳеш нәрсеге мүтәж емеспиз.
20 Ғарры оған: – Кеўлиң тоқ болсын. Барлық керекли нәрселерди өзим берейин, тек ғана көшеде қонып қалма, – деди.
21 Ғарры оларды үйине алып барып, ешеклерине жем берди. Қонақлар аяқларын жуўып, соңынан ишип-жеди.
22 Олар жаңа кеўиллерин жазып отырғанда, қалада жасаўшы бузық адамлар үйди қоршап алды. Олар қапыны қағып, үйдиң ийеси болған ғаррыға: – Үйиңе келген адамды сыртқа шығар, бизлер оның менен жатайық, – деп бақырысты.
23 Үй ийеси сыртқа шығып, оларға былай деди: – Яқ, туўысқанларым, бундай жаўызлық қылмаңлар. Бул адам мениң үйиме келген қонағым-ғо, оған бундай масқарашылықты ислемеңлер.
24 Мине, үйимде еркек қолы тиймеген қызым ҳәм бул адамның тоқалы бар. Мен оларды сыртқа шығарып берейин. Сизлер олар менен жатыңлар ҳәм оларға қәлегениңизди ислеңлер. Бирақ бул адамға бундай масқарашылықты ислемеңлер.
25 Бирақ адамлар оны тыңламады. Сонда лебийли тоқалын ийтерип сыртқа шығарды да, олардың қолына тапсырды. Адамлар түн бойы ҳаялды зорлап, оның намысына тийди ҳәм таңға шамалас оны жиберди.
26 Ҳаял таң сәҳәрде хожайыны қонып қалған үйдиң қапысына келип жығылды ҳәм қуяш шыққанша, сол жерде жатты.
27 Ҳаялдың хожайыны жолын даўам етиў ушын азанда турып, есикти ашты. Сонда ол қолларын босағаға қойып жатырған тоқалын көрди.
28 Ол ҳаялға: – Орныңнан тур, кетемиз, – деди. Бирақ ҳаял жуўап бермеди. Лебийли оны ешегине жүклеп, үйине қарай жүрип кетти.
29 Ол үйине жеткенде, қолына пышақ алды да, тоқалының өлигин он еки бөлекке бөлип, пүткил Израил жерине тарқатып жиберди.
30 Буны көргенлердиң ҳәммеси: «Израиллылар Мысырдан шыққалы берли бүгинге дейин бундай ўақыя болып көрген емес. Бул туўралы ойласып, кеңесиңлер ҳәм не ислеўимиз кереклигин айтыңлар», – дести.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16