Бийлер 17 bob
1 Эфрайымның таўлы үлкесинде Миха атлы бир адам бар еди.
2 Миха анасына: – Сеннен урланған бир мың бир жүз гүмис шекел есиңде ме? Сен оны урлағанды көз алдымда ғарғаған едиң-ғо. Сол гүмис менде, оны мен алған едим, – деди. Сонда анасы оған: – Сени Жаратқан Ийе жарылқасын, балам! – деди.
3 Миха бир мың бир жүз шекел гүмисти анасына қайтарып берди. Ал анасы: «Улымның бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислетиўи ушын, мен бул гүмисти Жаратқан Ийеге бағышлайман. Улым, гүмисти өзиңе қайтарып берип атырман», – деди.
4 Солай етип, анасы Миха қайтарып берген гүмистен еки жүз теңгени алып, оны зергерге берди. Зергер оннан бир жонылған ҳәм бир қуйма бут ислеп берди. Олар Миханың үйине қойылды.
5 Миханың сыйыныў ушын салдырған мухаддес үйи бар еди. Ол бир эфод ҳәм үй бутларын ислетип, улларының бирин руўханий етип тайынлады.
6 Ол дәўирде Израилда патша жоқ болып, ҳәр ким өзине дурыс болып көринген исти ислейтуғын еди.
7 Сол ўақытлары Яҳуда урыўының Бейтлеҳем қаласында жасап атырған лебийли бир жас жигит бар еди.
8 Ол жасаўға басқа бир жер табыў ушын, Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан шықты да, жол-жөнекей Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Миханың үйине келди.
9 Миха оннан: – Қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Ол Михаға: – Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан киятырман. Өзим лебийлимен, жасайтуғын жер излеп жүрмен, – деди.
10 Миха оған: – Мениң үйимде қалып, мениң кеңесгөйим ҳәм руўханийим бол. Мен саған жылына он шекел гүмис берейин, тамағыңды тойдырайын ҳәм кийиндирейин, – деди.
11 Солай етип, лебийли жигит Миханың үйинде жасаўға келисим берди. Миха да оны өз улындай көрди.
12 Миха лебийлини руўханий етип қойды ҳәм ол Миханың үйинде жасап қалды.
13 Сонда Миха: «Енди мен Жаратқан Ийениң маған жақсылық қылатуғынын билемен. Өйткени мениң лебийли руўханийим бар», – деди.