Бийлер 15 bob

Самсонның өш алыўы (1-20).

1 Бир неше күннен кейин, бийдай орағының ўақтында Самсон бир ылақ алып, ҳаялын көриўге барды ҳәм ол: «Ҳаялымның бөлмесине кирмекшимен», – деди. Бирақ ҳаялдың әкеси Самсонның кириўине рухсат бермеди
2 ҳәм оған: – Сени қызымды таслап кетти деп ойлап, оны сениң күйеў жораларыңның бирине узатып жибердим. Кишкене қызым оннан гөре сулыўырақ емес пе? Оның орнына сол қызымды ала ғой, – деди.
3 Сонда Самсон: – Енди филистлерге жаманлық қылсам да, ҳақым бар, – деди.
4 Соңынан Самсон далаңлыққа шығып, үш жүз түлки услады. Ол ҳәр еки түлкиниң қуйрықларын бир-бирине байлап, қуйрықларының арасына бир шомнан байлап шықты.
5 Самсон шомларды жағып, түлкилерди филистлердиң егинлериниң арасына жиберди. Солай етип, филистлердиң гүдилери, орылмаған бийдайлары, жүзим ҳәм зәйтүн бағлары жанып кетти.
6 Филистлер: «Буны ким иследи?» – деп сорастырғанда, оларға: «Буны тимналының күйеў баласы Самсон иследи. Өйткени қәйин атасы оның ҳаялын күйеў жораларының бирине узатып жиберипти», – деген хабар жетти. Филистлер барды да, ҳаялды ҳәм оның әкесин жағып жиберди.
7 Сонда Самсон оларға: – Усылай ислегениңиз ушын, сизлерден өш алмай қоймайман! – деди.
8 Самсон оларға аяўсыз түрде ҳүжим жасап, олардың көбисин өлтирди. Соңынан ол Этам жар тасына барып, сол жердеги бир үңгирди паналады.
9 Филистлер де Яҳудаға барып, сол жерге орда қурды да, Лехийге шабыўыл жасады.
10 Сонда яҳудалылар оларға: «Не ушын бизлер менен урысыўға келдиңлер?» – деп сорады. Филистлер оларға: «Бизлерге қылғанын өзине ислеў ушын, Самсонды тутып алыўға келдик», – деп жуўап берди.
11 Яҳудалылардан үш мың адам Этам жар тасындағы үңгирге барып, Самсонға: – Филистлердиң бизлерге ҳүкимдарлық қылатуғынын билмейсең бе? Сен не ушын бизлерге булай иследиң? – деди. Самсон оларға: – Олар маған не ислеген болса, мен де оларға соны иследим, – деп жуўап берди.
12 Олар Самсонға: – Бизлер сени байлап, филистлердиң қолына тапсырыў ушын келдик, – деди. Самсон оларға: – Мени өлтирмейтуғыныңызды айтып, ант ишиңлер, – деди.
13 Олар Самсонға: – Болады, бизлер сени тек байлап, олардың қолына тапсырамыз. Сөз беремиз, сени өлтирмеймиз, – деди. Соннан кейин, олар Самсонды еки таза арқан менен байлап, үңгирден шығарды.
14 Самсон Лехийге жақынласқанда, филистлер оны қышқырысып күтип алды. Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы Самсонның үстине түсти ҳәм оның қолларына байланған арқанлар жанған сабан сыяқлы үзилип түсти+.
15 Самсон жаңа өлген бир ешектиң жақ сүйегин таўып, оны қолына алды да, оның менен мың адамды өлтирди+.
16 Соңынан ол былай деди: «Бир ешектиң жақ сүйеги менен, Оларды үйиндилерге айландырдым, Бир ешектиң жақ сүйеги менен, Мың адамды өлтирдим».
17 Самсон буларды айтып болғаннан соң, жақ сүйекти ылақтырып таслады. Сол жер Рамат-Лехий деп аталды.
18 Бирақ Самсон қатты шөллегенликтен, Жаратқан Ийени шақырып: «Сен Өз қулыңа уллы бир жеңис бердиң. Бирақ енди мен шөлден өлип, сүннетсизлердиң қолына түсемен бе?» – деди.
19 Сонда Жаратқан Ийе Лехийдеги шуқырлықты жарды ҳәм оннан суў шықты. Самсон суў ишип, ҳәлленип алды. Сонлықтан суў шыққан жерге Эн-Ҳаққоре деген ат берилди. Булақ бүгин де Лехийде тур.
20 Самсон филистлердиң ҳүкимдарлық дәўиринде израиллыларға жигирма жыл бийлик қылды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16