Бийлер 13 bob

Самсонның туўылыўы (1-25).

1 Израил халқы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди және ислей баслады. Жаратқан Ийе де оларды қырық жылға филистлердиң қолына тапсырды.
2 Сора қаласынан, Дан урыўынан болған Маноах атлы бир адам бар еди. Оның ҳаялы нәсилсиз болып, ҳеш перзенти жоқ еди.
3 Жаратқан Ийениң периштеси ҳаялға көринип, оған былай деди: – Сен нәсилсиз болып, перзент көрмеген болсаң да, енди ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң.
4 Ендигиден былай абайлы бол, сен шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме.
5 Себеби сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Оның басына пәки тиймесин. Өйткени бала ана қурсағынан баслап-ақ, Қудайға бағышланған болады ҳәм ол Израил халқын филистлердиң қолынан қутқара баслайды.
6 Ҳаял күйеўине былай деди: – Қасыма Қудайдың бир адамы келди. Ол Қудайдың периштеси сыяқлы жүдә айбатлы еди. Мен оннан қай жерден келгенин сорамадым, ол да маған атын айтпады.
7 Бирақ ол маған: «Сен ҳәмиледар болып, бир ул туўасаң. Ендигиден былай, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпе ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жеме. Себеби бала ана қурсағынан баслап, өлетуғын күнине дейин, Қудайға бағышланған болады», – деди.
8 Сонда Маноах Жаратқан Ийеге дуўа етип: «О Ийем, Сен жиберген сол Қудайдың адамы және келиўин ҳәм туўылатуғын бала ушын не ислеўимиз кереклигин бизлерге үйретиўин жалбарынып сорайман», – деди.
9 Қудай Маноахтың дуўасын еситти. Ҳаял атызда отырған ўақытта, Қудайдың периштеси оған және келди. Бирақ Маноах ҳаялының жанында жоқ еди.
10 Ҳаял күйеўине хабар бериў ушын асығыс түрде жуўырып кетти ҳәм күйеўине: – Ана бирде қасыма келген адам маған және көринди! – деди.
11 Маноах турып, ҳаялының изине ерди ҳәм сол адамның жанына келип, оннан: – Ҳаялым менен сөйлескен сиз бе? – деп сорады. Сол адам оған: – Аўа, мен, – деди.
12 Маноах оннан: – Сизиң айтқанларыңыз орынланғанда, бала қалай жасаўы ҳәм не ислеўи керек? – деп сорады.
13 Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа былай деди: – Ҳаялың айтқанларымның ҳәммесин орынласын.
14 Ол жүзимнен исленген ҳеш бир нәрсени жемесин, шарап та, басқа өткир ишимлик те ишпесин ҳәм ҳеш бир ҳарам нәрсе жемесин. Буйырғанларымның ҳәммесин орынласын.
15 Сонда Маноах Жаратқан Ийениң периштесине: – Тоқтап турың. Сиз ушын бир ылақ соймақшымыз, – деди.
16 Жаратқан Ийениң периштеси оған: – Мени ириккениң менен таярлаған аўқатыңды жемеймен. Егер жандырылатуғын қурбанлық бермекши болсаң, оны Жаратқан Ийеге бер, – деди. Ал Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенлигин билмеген еди.
17 Маноах Жаратқан Ийениң периштесине: – Айтқанларыңыз орынланғанда, сизге алғыс айтыўымыз ушын, атыңыздың ким екенин айтың, – деди.
18 Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа: – Атымды не ушын сорап атырсаң? Мениң атым қупыя ат, – деди.
19 Маноах бир ылақ пенен ғәлле садақасын алып, бир тастың үстинде Жаратқан Ийеге қурбанлық берди. Сол ўақытта Маноахтың ҳәм оның ҳаялының көз алдында таң қаларлық ўақыя жүз берди:
20 қурбанлық орыннан жалын көтерилгенде, Жаратқан Ийениң периштеси жалын менен бирге аспанға көтерилип кетти. Буны көрген Маноах ҳәм оның ҳаялы ет- бетинен жерге жығылды.
21 Соннан кейин, Жаратқан Ийениң периштеси Маноахқа ҳәм оның ҳаялына қайтып көринбеди. Сонда Маноах оның Жаратқан Ийениң периштеси екенин түсинди.
22 Маноах ҳаялына: – Бизлер сөзсиз өлемиз, өйткени Қудайды көрдик, – деди.
23 Ҳаялы оған: – Егер Жаратқан Ийе бизлерди өлтириўди қәлегенде, онда жандырылатуғын қурбанлығымызды ҳәм ғәлле садақамызды қабыл етпеген болар еди. Ол бүгин булардың барлығын бизлерге көрсетип те, айтып та отырмас еди, – деп жуўап берди.
24 Солай етип, ҳаял ул туўып, оның атын Самсон деп қойды. Бала өсип үлкейди ҳәм Жаратқан Ийе оны жарылқады.
25 Сора менен Эштаол арасындағы Махане-Данда болған Самсонды Жаратқан Ийениң Руўхы басқара баслады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16