Бийлер 1 bob

Израиллылардың аман қалған кенаанлылар менен урысыўы (1-36).

1 Ешуаның өлиминен кейин, Израил халқы Жаратқан Ийеден: «Кенаанлылар менен урысыўға бизлерден биринши болып ким барады?» – деп сорады.
2 Жаратқан Ийе оларға: «Яҳуда урыўы барады, Кенаан үлкесин оған тәслим қыламан», – деп жуўап берди.
3 Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўына: «Кенаанлылар менен урысыў ушын, бизлердиң пайымызға тийген жерге бизлер менен бирге барың. Соңынан бизлер де сизлердиң пайыңызға тийген жерге сизлер менен бирге барамыз», – деди. Солай етип, Шимон урыўы Яҳуда урыўы менен бирге кетти.
4 Яҳуда урыўы урысқа шықты ҳәм Жаратқан Ийе кенаанлылар менен перизлерди оларға тәслим қылды. Яҳуда урыўы Безекте олардан он мың адамды өлтирди.
5 Сол жерде олар Адоний-Безек пенен ушырасып, оның менен урысты ҳәм кенаанлылар менен перизлерди жеңилиске ушыратты.
6 Адоний-Безек қашып кетти, бирақ олар оны қуўып жетип, услап алды да, қол ҳәм аяқларының бас бармақларын кесип таслады.
7 Сонда Адоний- Безек: «Қол ҳәм аяқларының бас бармақлары кесилген жетпис патша мениң дастурханымнан түскен усақларды терип жеген еди. Енди болса, мениң оларға ислегенлеримди Қудай алдыма келтирди», – деди. Олар Адоний-Безекти Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде өлди.
8 Яҳуда урыўы Ерусалимге ҳүжим жасап, қаланы басып алды ҳәм халқын қылыштан өткерип, қалаға от берди.
9 Соннан кейин, олар таўлы үлкеде, Негебте ҳәм батыстағы таў етеклеринде жасайтуғын кенаанлылар менен урысыў ушын жолға түсти.
10 Ески аты Кирят-Арба болған Хебронда жасайтуғын кенаанлыларға қарсы атланыс жасап, Шешай, Ахиман ҳәм Талмай деген тийрелерди жеңип шықты.
11 Ол жерден олар ески аты Кирят-Сефер болған Дебир қаласының халқына да қарсы урыс ашты.
12 Сонда Калеб: – Кирят-Сефер халқын жеңип, ол жерди қолға киргизген адамға қызым Ахсаны ҳаяллыққа беремен, – деди.
13 Қаланы Калебтиң иниси, Кеназдың улы Отниел қолға киргизди. Сонлықтан Калеб қызы Ахсаны оған ҳаяллыққа берди.
14 Қыз Отниелдиң жанына барғанда, ол күйеўин үгитлеп: – Әкемнен бир атыз сора, – деди. Калеб ешектен түсип атырған қызынан: – Қандай тилегиң бар? – деп сорады.
15 Қыз әкесине: – Маған бир енши берсең. Мени Негеб шөлине узатқан екенсең, енди маған суў булақларын бер, – деди. Солай етип, Калеб қызына жоқарғы ҳәм төменги суў булақларын берди.
16 Муўсаның қәйин атасының урпақлары болған кенлер Яҳуда урыўы менен бирге Пальма қаласынан шығып, Арадтың қубласындағы Яҳуда шөлинде жасаўға кетти ҳәм сол жердеги халықлар арасына орналасты.
17 Соннан кейин, Яҳуда урыўы туўысқанлары Шимон урыўы менен бирге барып, Сефат қаласында жасап атырған кенаанлыларды қыйратты ҳәм олардың қаласын толығы менен жоқ етти. Солай етип, ол жер Хорма деп аталды.
18 Яҳуда урыўы Газаны, Ашкелонды, Экронды ҳәм оларға тийисли жерлерди де басып алды.
19 Жаратқан Ийе Яҳуда урыўы менен бирге болғанлықтан, олар таўлы үлкени қолға киргизди. Ал ойпатлықта жасап атырған халықтың темирден исленген саўаш арбалары болғанлықтан, оларды қуўа алмады.
20 Олар Муўсаның айтып кеткениндей, Хебронды Калебке берди. Калеб ол жерден анақлардың үш тийресин қуўып шығарды.
21 Бирақ Бенямин урыўы Ерусалимде жасап атырған ебуслыларды қуўмады. Ебуслылар бүгинги күнге дейин Бенямин урыўы менен бирге жасап киятыр.
22 Юсуптиң урпағы Бейт-Элге ҳүжим жасады. Жаратқан Ийе олар менен бирге еди.
23 Юсуптиң урпағы бурынғы аты Луз болған Бейт-Эл қаласына жансызларды жибергенде,
24 олар қаладан шығып киятырған бир адамды көрди. Сонда олар: – Қалаға кирер жолды көрсетсең, саған жақсылық ислеймиз, – деди.
25 Солай етип, сол адам оларға қалаға киретуғын жолды көрсетти. Олар қала халқын қылыштан өткергенде, оған ҳәм оның ағайин-туўғанларына тиймеди.
26 Сол адам хеттлердиң жерине көшип барды ҳәм сол жерге қала қурып, оның атын Луз деп атады. Бул қала ҳәзирге дейин усы ат пенен аталады.
27 Менашше урыўы Бейт-Шеан, Таанах, Дор, Иблеам, Мегиддо ҳәм булардың әтирапындағы аўылларда жасайтуғын халықты қуўа алмады. Себеби кенаанлылар беккем қорғанып, сол жерде жасаўын даўам етти.
28 Израиллылар күшке толысқан ўақтында, кенаанлыларды ерксиз хызметшиге айландырды, бирақ оларды қуўып жибермеди.
29 Эфрайым урыўы да Гезерде жасайтуғын кенаанлыларды ол жерден қуўып жибермеди ҳәм кенаанлылар Гезерде олардың арасында жасады.
30 Зебулон урыўы да Китрон ҳәм Наҳалал қалаларындағы халықларды қуўмады. Зебулон урыўының арасында қалған бул кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
31 Ашер урыўына келсек, олар да Акко, Сидон, Ахлаб, Ахзиб, Хелба, Афек ҳәм Рехоб турғынларын қуўмады.
32 Олар сол жерлердеги кенаанлыларды қуўып шығармай, олар менен бирге жасады.
33 Нафталий урыўы да Бейт-Шемеш ҳәм Бейт-Анат халқын қуўмай, сол жердиң халқы болған кенаанлылар менен бирге жасады ҳәм кенаанлылар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
34 Аморлар Дан урыўына ойпатлыққа түсиўге жол қоймай, оларды таўлы үлкелерде услап турды.
35 Аморлар Ҳар-Хересде, Айялонда ҳәм Шаалбимде беккем қорғанып, сол жерде қалды. Бирақ Юсуп урыўы күшке толысқанда, аморлар олар ушын ерксиз хызметшиге айланды.
36 Аморлардың шегарасы Ақраббим бийиклигинен баслап Селаға, оннан да арманыраққа дейин созылған еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16