Аян 11 bob

Еки гүўа (1-14), Жетинши кәрнай (15-19).

1 Соннан кейин, маған өлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди: – Бар да, Қудайдың Ибадатханасын ҳәм қурбанлық шалынатуғын орынды өлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық.
2 Ал Ибадатхананың сыртқы ҳәўлисин өлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады.
3 Мен Өзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.
4 Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Қудай алдында турған еки зәйтүн ағашын ҳәм еки шыра қойғышты билдиреди.
5 Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай өлтириледи.
6 Бул еки гүўа өзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Және олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қәлесе, жер жүзин сонша ҳәр түрли бәлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.
7 Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳәм оларды жеңип өлтиреди.
8 Олардың өлиги тымсалый түрде Содом ҳәм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың көшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди.
9 Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳәм миллетлердиң адамлары олардың өлигине қарап, денелерин қәбирге қойыўға рухсат етпейди.
10 Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳәм бир-бирине саўғалар жибереди. Өйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.
11 Бирақ үш ярым күннен соң, Қудайдан келген өмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны көргенлерди күшли қорқыныш бийледи.
12 Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың өзлерине: «Бул жерге көтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының көз алдында бир булт үстинде аспанға көтерилип кетти.
13 Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳәм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Қудайды алғыслады.
14 Екинши ҳәсирет өтти. Мине, үшинши ҳәсирет жақынлап келмекте.
15 Жетинши периште кәрнайын шертти. Аспаннан бәлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Қудай Ийемиздики ҳәм Оның Масихыники болды. Ол мәңгиге патшалық етеди», – деди.
16 Қудайдың алдында өз тахтларында отырған жигирма төрт ақсақал жерге бас урып, Қудайға табынды ҳәм былай деди:
17 «Ҳәмме нәрсеге қүдиретли, Бар болған ҳәм ҳәзир де бар Қудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18 Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғәзебиң олар үстине жаўды. Өлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, Мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳәм Жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».
19 Сонда Қудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳәм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы көринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳәм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.