2 Тимофей 4 bob
1 Қудайдың алдында ҳәм тирилер менен өлилерди ҳүким ететуғын Масих Ийсаның алдында Оның қайта келиўи ҳәм Патшалығы ҳақы қатаң буйыраман:
2 Қудайдың сөзин жәрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет. Адамларға толық сабырлылық пенен тәлим берип, әшкарала, жолға сал ҳәм ақыл-нәсият ет.
3 Себеби адамлар дурыс тәлийматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қәлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сөзлерди сөйлейтуғын көп муғаллимлерди әтирапларына жыйнайды.
4 Олар ҳақыйқатлықты еситпеў ушын қулақларын жаўып, аңызларға қулақ асатуғын болады.
5 Бирақ сен ҳәр қандай жағдайда сергек бол. Қыйыншылықларға шыдам бер, Хош Хабар ушын мийнет етип, өз хызметиңди орынла.
6 Өйткени мениң қаным төгилип, қурбан болмақтаман ҳәм дүньядан өтетуғын ўақтым да жақынласты.
7 Мен уллы саўашта гүрестим, жарысты жуўмақладым ҳәм исенимимди сақлап қалдым.
8 Енди болса, мен ушын ҳақыйқатлық тажы тайын тур. Әдил ҳүким етиўши болған Ийемиз сол күни усы тажды маған, тек ғана маған емес, ал Оның қайта келиўин интизарлық пенен күткенлердиң ҳәммесине де береди.
9 Жаныма тезирек келиўге бар күшиң менен тырыс.
10 Себеби Димас бул дүньяны сүйгенликтен мени таслап, Салоникаға кетти. Ал Криский Галатияға, Титус Далматияға кетти.
11 Жанымда тек Лука ғана бар. Сен Маркты таўып, өзиң менен бирге алып кел. Ол мениң хызметиме жәрдем береди.
12 Мен Тихикти Ефеске жибердим.
13 Келериңде, мениң Троаста, Карптың қасында қалдырып кеткен шапанымды алып кел. Және де китапларымды, әсиресе оралған тери китапларды алып кел.
14 Темир устасы Искендер маған көп жаманлық иследи. Ийемиз оған ислегенлерине қарай қайтарсын.
15 Сен де оннан абайлы бол. Өйткени ол бизлердиң сөзлеримизге қатты қарсы болды.
16 Биринши мәрте өзимди ақламақшы болып жуўап бергенимде, мени ҳеш ким жақламады. Керисинше, ҳәмме мени таслап кетти. Буның ушын Қудай оларды кеширсин.
17 Бирақ, Қудайдың Хош Хабары мен арқалы толық жәрияланыўы ушын ҳәм пүткил миллетлер буны еситиўи ушын, Ийемиз маған жәрдемге келип, күшқуўат берди. Ол мени сол тәризде өлимнен қутқарып қалды.
18 Ийемиз мени ҳәр қандай жаманлықтан қутқарады ҳәм Өзиниң Аспан Патшалығына аман-есен апарады. Оған мәңгиге алғысмақтаўлар болсын! Аўмийин.
19 Прискила менен Акилаға ҳәм Онисифордың үй-ишине сәлем айт.
20 Ерастус Коринфте қалды. Трофимди аўырыў ҳалында Милитте қалдырдым.
21 Қыстан бурын келиўге бар күшиң менен тырыс. Ебул, Пуд, Лин, Клавдия ҳәм барлық исениўши туўысқанлар саған сәлем айтып атыр.
22 Ийемиз сениң руўхың менен бирге болсын! Қудайдың мийрими сизлерге яр болғай!