2 Тимофей 2 bob

Ийса Масихтың жақсы әскери (1-13),Қудайдың жақсы хызметшиси (14-26).

1 Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар.
2 Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады.
3 Масих Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда.
4 Хызметдеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
5 Жарысқа түскен адам да қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди.
6 Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис.
7 Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди.
8 Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы.
9 Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес.
10 Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман.
11 Бул сөз исенимли: «Егер Оның менен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасаймыз да.
12 Егер сабырлылық қылсақ, Оның менен бирге патшалық етемиз. Егер Оннан ўаз кешсек, Ол да бизден ўаз кешеди.
13 Биз садық болып қалмасақ та, Ол садық болып қалады. Себеби Ол Өзинен Өзи ўаз кеше алмайды».
14 Усыларды исениўшилерге еслетип тур. Сөзлер туўралы тартыспаўды оларға Қудай алдында ескертип қой. Тартыслар тыңлаўшыларды айнытыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды.
15 Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс.
16 Жарамас ҳәм бос сөзлерден аўлақ бол. Өйткени бундай сөзлер Қудайдан барған сайын узақластырады
17 ҳәм жуқпалы жара сыяқлы тарқалады. Усындай сөзлерди айтыўшылар арасында Гименей ҳәм Филит те бар.
18 Олар ҳақыйқат жолынан адасты ҳәм өлимнен қайта тирилиў әлле қашан болды деп, айырым адамлардың исенимин жоқ қылмақта.
19 Бирақ Қудай салған күшли негиз беккем турыпты. Сол негиз «Ийемиз Өзине тийисли болғанларды биледи» ҳәм «Ийемизге тийислимен, деген ҳәр бир адам жаманлықтан аўлақ жүрсин» , – деген сөзлер менен тастыйықланған.
20 Үлкен бир үйде тек алтын ҳәм гүмис ыдыслар емес, ал ағаш ҳәм ылай ыдыслар да бар. Олардың биреўлери сыйлы, ал биреўлери сыйсыз ис ушын қолланылады.
21 Солай етип, егер ким де ким өзин жаманлықлардан тазаласа, онда ол сыйлы, мухаддес қылынған, хожайынына пайдалы ҳәм ҳәр бир жақсы иске тайын ыдыс болады.
22 Ал сен жаслықтың жаман ҳәўеслеринен аўлақ бол. Ийемизге таза кеўил менен сыйынатуғынлар менен бирликте ҳақыйқатлық, исеним, сүйиспеншилик ҳәм тынышлыққа умтылып жаса.
23 Ақылсыз ҳәм мәниссиз тартыслардан қаш. Себеби булардың жәнжел туўдыратуғынын сен билесең.
24 Ийемиздиң хызметшиси жәнжелпаз болмаўы керек. Керисинше, ол ҳәмме менен мүләйим, тәлим бериўге қәбилетли ҳәм сабырлы болыўы тийис.
25 Және ол өзине қарсы болғанларға әлпайымлылық пенен жол-жорық бериўи лазым. Сонда, мүмкин, Қудай сол адамлардың да тәўбеге келип, ҳақыйқатлықты билиўи ушын жол ашар.
26 Солай етип, олардың ақылы киреди ҳәм қәлегенин ислетиў ушын өзлерин тутқын қылған шайтанның дузағынан қутылады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16