1 Тимофей 1 bob

Сәлемнама (1-11), Павелдиң Қудайдың мийрими ушын миннетдаршылық билдириўи (12-20).

1 Қутқарыўшымыз Қудайдың ҳәм үмитимиз Масих Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2 исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сәлем! Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳәм тынышлық берсин!
3 Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған өтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тәлийматларды үйретпеўди,
4 аңызлар ҳәм шексиз шежирелер менен бәнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Қудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады.
5 Ал бул буйрықтың мақсети болса – пәк жүректен, таза ҳүжданнан ҳәм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў.
6 Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гәплерге ерип адасты.
7 Олар нызам муғаллими болыўды қәлейди, бирақ нени сөйлеп ҳәм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.
8 Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз.
9 Және де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳәм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳәм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳәм мухаддес нәрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын өлтиретуғынлар, адам өлтириўшилер,
10 бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз.
11 Дурыс тәлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Қудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Қудай маған исенип тапсырды.
12 Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Өз хызметине тайынлады.
13 Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳәм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шәпәәтин берди. Өйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим.
14 Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳәм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып төгилди.
15 «Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сөзлер исенимли ҳәм ҳәмме адамлар тәрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сөзлер. Мен өзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман.
16 Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Өзине исенип, мәңгилик өмирге ерисетуғынларға өрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын көрсетти.
17 Мәңгилик Патшаға, өлмейтуғын ҳәм көринбейтуғын жалғыз Қудайға мәңгиге ҳүрмет ҳәм даңқ болсын! Аўмийин.
18 Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сөзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сөзлер бойынша жақсы әскер сыяқлы ис-ҳәрекет ет.
19 Исенимиңди ҳәм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды.
20 Олардың арасында Гименей ҳәм Искендер де бар. Қудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жәмәәттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16