Ешуа 8 bob

Ай қаласының қыйралыўы (1-29). Мухаддес Нызамның халыққа оқылыўы (30-35).

1 Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Қорқпа ҳәм қәўетерленбе. Барлық әскерлерди жаныңа алып, Ай қаласына жүрис қыл. Мине, Ай патшасын, халқын, қаласын ҳәм оның жерин саған тәслим қылдым.
2 Ерихо қаласына ҳәм оның патшасына не ислеген болсаң, Ай қаласына ҳәм оның патшасына да соны исле. Бирақ ондағы мал ҳәм затларды олжа етип алыңлар. Қаланың арт бетине бекинис жаса.
3 Солай етип, Ешуа барлық әскерлер менен бирликте Ай қаласына жүрис қылыўға таярланды. Ол таңлаған отыз мың мәрт жаўынгерди түнде жолға атландырып атырып,
4 оларға былай деп буйырды: – Енди сизлер барып, қаланың арт бетиндеги бекинисте жатыңлар. Қаладан онша алыслап кетпеңлер. Ҳәммеңиз таяр болып турыңлар.
5 Мен жанымдағы адамлар менен бирликте қалаға жақынласаман. Душпан қаладан шығып, әўелгидей бизлерге қарсы келгенде, бизлер олардан қашқандай болып,
6 оларды қаладан узақластырғанша изимизден ертип барамыз. Олар бизлерди бурынғыдай қашып баратыр деп ойлайды. Бизлер олардан қашып баратырғанымызда,
7 сизлер бекинисте жатырған жериңизден шығып, қаланы қолға киргизесизлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ол жерди сизлерге тәслим етежақ.
8 Қаланы қолға киргизгениңизден соң, оған от бериңлер. Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша ҳәрекет етиңлер. Минекей, мениң сизлерге буйрығым усы.
9 Соңынан Ешуа оларды жолға атландырды. Адамлар кетип, Бейт-Эл менен Ай қаласының арасындағы, яғный Ай қаласының батыс тәрепиндеги бекинисте жатты. Ал Ешуа болса, түнди қалған адамлар менен бирге өткизди.
10 Ешуа таң азаннан турды да, әскерлерди көзден өткерип, оларды сапқа турғызды. Кейин өзи ҳәм Израилдың ақсақаллары әскерлердиң алдына түсип, Ай қаласына қарай жолға шықты.
11 Ешуа ҳәм оның жанындағы барлық әскерлер қалаға жүрис қылды. Олар жақынлап барып, қаланың арқа тәрепине орда қурды. Олар менен қаланың арасында бир ойпатлық бар еди.
12 Ешуа бес мыңға шамалас адамға Бейт-Эл менен Ай қаласы арасына, қаланың батыс тәрепине бекинис қурғызды.
13 Соңынан арқада орда қурғанлар да, батыста бекинисте жатырғанлар да урыс майданына түсиўге таяр турды. Ешуа сол түни ойпатлыққа келди.
14 Буны көргенде Ай патшасы адамлары менен израиллыларға қарсы урысыў ушын қаладан асығыс түрде шықты. Ешуа жобаластырғандай олар Иордан тегислигиниң жанындағы бир жерге шықты. Деген менен, олар өзлерине қарсы қаланың артқы тәрепинде бекинис жасалғанынан хабарсыз еди.
15 Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар қала халқынан жеңилип атырғандай болып, шөлге қарай қаша баслады.
16 Қаладағы пүткил халық израиллылардың изинен қуўыўға шақырылды. Олар Ешуаны қуўа берип, қаладан узақласып кетти.
17 Израиллыларды қуўыўға Ай қаласы менен Бейт-Элден бир адам қалмай шыққан еди. Олар израиллыларды қуўыўға шығып баратырып, қаланы қорғаўсыз, ашық қалдырған еди.
18 Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Қолыңдағы семсерди Ай қаласына қарай соз. Мен сол жерди саған тәслим етип атырман, – деди. Ешуа қолындағы семсерди туўры қалаға қарай созды.
19 Ол қолын созыўдан-ақ, бекинисте жатырғанлар орынларынан ушып турып, қалаға кирди. Олар қаланы қолға киргизип, оны дәрҳал жағып жиберди.
20 Ай қаласының турғынлары артына қарағанда, жанып атырған қаланың түтини аспанға көтерилип атырғанын көрди. Шөлге қарай қашқан израиллылар артқа қайтып, оларға ҳүжим жасағанда, олар тығыларға тесик таба алмай қалды.
21 Ешуа ҳәм оның жанындағы израиллылар бекинисте жатырғанлардың қаланы қолға киргизгенин ҳәм қаладан түтин шығып атырғанын көргенде изге қайтып, Ай халқына қарсы ҳүжим жасады.
22 Қаланы қолға киргизгенлер де ҳүжимге өткенде, қала халқы еки жақтан келген израиллылардың ортасында қалды. Израиллылар олардан аман қалғанлардың да, қашқанлардың да бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин өлтирди.
23 Олар Ай патшасын тирилей тутқынға алып, Ешуаның алдына әкелди.
24 Ай қаласынан шығып, қыр далада ҳәм шөлде өзлериниң изинен қуўғанлардың ҳәммесин израиллылар қылыштан өткизгеннен соң, қалаға қайтып келип, сол жерде қалған адамларды да қылыштан өткизди.
25 Сол күни пүткил Ай қаласының халқы, ҳаял-еркеги ҳәммеси болып он еки мың адам өлтирилди.
26 Қала турғынларының ҳәммесин толық қырып болғанша, Ешуа семсер услаған қолын төмен түсирмеди.
27 Израиллылар Жаратқан Ийениң Ешуаға берген буйрығына қулақ асып, тек қаладағы маллар менен затларды ғана олжа етип алды.
28 Соңынан Ешуа Ай қаласын жағып жиберип, оны мәңги қарабақанаға айландырды. Сол қала бүгин де солай турыпты.
29 Ешуа Ай қаласының патшасын ағашқа илдирип қойып, оны кешке шекем сол жерде қалдырды ҳәм қуяш батарда оның өли денесин ағаштан түсиртип, қала дәрўазасының кирер аўзына таслатты. Ал оның өли денесиниң үстине тасларды таслап, бир үйинди иследи. Бул үйинди бүгин де бар.
30 Буннан соң, Ешуа Эбал таўында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орнын қурды.
31 Бул орын Жаратқан Ийениң қулы Муўсаның Израил халқына берген буйрығы бойынша, Муўсаның Нызам китабында жазылғанындай қылып қурылды. Яғный, темир тиймеген ҳәм жонылмаған таслардан қурылды. Ол жерде Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықлары берилди.
32 Муўсаның Израил халқы алдында жазған Нызамының көширмесин Ешуа сол жердеги тасларға жазды.
33 Ал пүткил израиллылар болса, ақсақаллар, қадағалаўшылар, қазылар ҳәм келгинди адамлар менен бирликте Жаратқан Ийениң Келисим сандығының еки тәрепинде сандықты көтерген лебийли руўханийлерге қарама-қарсы болып дизилди. Халықтың биринши ярымы Гериззим таўы тәрепинде, екинши ярымы Эбал таўы тәрепинде турған еди. Өйткени Жаратқан Ийениң қулы Муўса жарылқаў алыў ушын усы тәризде турыўды алдын буйырған еди.
34 Кейин Ешуа Нызам китабында жазылғанындай етип, жарылқаў ҳәм ғарғыс сөзлердиң барлығын оқыды.
35 Солай етип, Ешуа пүткил Израил жәмийетиниң, ҳаяллардың, балалардың ҳәм халықтың арасында болған келгинди адамлардың алдында Муўсаның буйрықларынан бирде бир сөз қалдырмай оқып берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16