Ешуа 7 bob

Аханның гүнасы (1-26).

1 Деген менен, израиллылар бағышланған нәрселерге қыянет иследи. Яҳуда урыўынан болған Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан бағышланған нәрселердиң айырымларын алғанлықтан, Жаратқан Ийениң израиллыларға қәҳәри келди.
2 Ешуа Ериходан Бейт-Элдиң шығысында, Бейт-Аўенге жақын жерде жайласқан Ай қаласына адамларды жиберип атырып, оларға: – Барып, елди көзден өткизиңлер, – деди. Адамлар барып, Ай қаласын көзден өткизди.
3 Кейин олар Ешуаның қасына қайтып келип, оған: – Пүткил халықтың ол жерге барып, әўере болыўының ҳәжети жоқ. Саны жағынан аз болған Ай қаласының халқын жеңиўге еки-үш мың адам жеткиликли, – деди.
4 Солай етип, үш мыңға жақын израиллылар қалаға қарай жүрис қылды. Бирақ олар Ай халқынан қаша баслады.
5 Ай халқы израиллыларды қала дәрўазасынан Шебаримге дейин қуўып, оларды төбешиктен түсерликте қырып баслады ҳәм олардың шама менен отыз алты адамын өлтирди. Буннан қорққанынан израиллылардың руўхлары түсип, жүреклери суўлады.
6 Сонда Ешуа кийимлерин жыртып, Израилдың ақсақаллары менен бирликте басларына топырақ шашты ҳәм Жаратқан Ийениң сандығының алдында ет-бетинен жерге жығылып, кешке дейин сол аўҳалда жатты.
7 Соңынан Ешуа былай деди: – О, Қудай Ийе, Сен бизлерди аморларға тәслим етип, жоқ қылыў ушын Иордан дәрьясынан өткизген бе едиң? Қәнекей, дәрьяның арғы тәрепинде қалсақ еди!
8 О, Ийемиз, Израил халқы душпанларынан қашқаннан соң, мен не айта аламан?
9 Кенаанлылар ҳәм усы жерде жасайтуғын басқа халықлар буны еситкенде, әтирапымызды қоршап алып, атымызды жер жүзинен жоқ қылады. Сонда Сен Өзиңниң уллы атыңды сақлап қалыў ушын не ислейжақсаң?
10 Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Орныңнан тур! Неге булай ет-бетиңнен жерге жығылып жатырсаң?
11 Израиллылар гүна ислеп, Мениң оларға орынлаң деп буйырған келисимимди бузды. Олар бағышланған нәрселердиң бир бөлегин урлады ҳәм алдап, өз затларының арасына жасырды.
12 Сол себепли, ендигиден былай израиллылар душпанларына қарсы тура алмайды, олар артқа қайтып, душпанларының алдына түсип қашады. Себеби олар жоқ қылыныў жазасына тартылған. Сизлер өзлериңиздеги бағышланған нәрселерди жоқ етпесеңиз, Мен артық сизлер менен бирге болмайман.
13 Бар, сен халықты пәкле ҳәм оларға былай де: «Ертеңги күн ушын өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе: „Ҳәй, Израил, сизлердиң араңызда бағышланған нәрселер бар. Сол нәрселерди жоқ етпегениңизше, душпанларыңызға қарсы тура алмайсызлар“, – дейди.
14 Таң атқанда, сизлер урыў-урыў болып дизилип, гезек пенен алдыға шығасызлар. Жаратқан Ийениң көрсеткен урыўы тийре-тийре болып алдыға шығады. Соң Жаратқан Ийе көрсеткен тийре хожалықлары менен бирме-бир алдыға шығады. Кейин Жаратқан Ийе көрсеткен хожалықтың ер адамлары алдыға шығады.
15 Бағышланған нәрселерди алды деп көрсетилген адам өзине тийисли ҳәр бир нәрсе менен бирликте жағып жибериледи. Себеби ол адам Жаратқан Ийениң келисимин бузып, Израилда жеркенишли гүна иследи».
16 Таң азаннан турған Ешуа Израил халқын урыў бойынша алдыға шығарды. Сонда олардың ишинен Яҳуда урыўы көрсетилди.
17 Яҳуда тийрелери алдыға шығарылғанда, Зерах тийреси көрсетилди. Зерах тийреси хожалықлары менен алдыға шығарылғанда, Забдий хожалығы көрсетилди.
18 Забдий хожалығының ер адамлары алдыға шығарылғанда, Яҳуда урыўынан Зерахтың шаўлығы, Забдийдиң ақлығы, Кармийдиң улы Ахан көрсетилди.
19 Сонда Ешуа Аханға: – Улым! Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ҳүрметин орнына қой ҳәм Оның уллылығын тән алып, ҳақыйқатын айт, не иследиң? Меннен жасырма, – деди.
20 Ахан Ешуаға былай деди: – Дурыс, мен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследим. Мен мына исти қылған едим:
21 олжалардың ишинде Шынардан әкелинген сулыў бир шапан, еки жүз шекел гүмис, елиў шекел аўырлығында бир алтын қуйманы көргенимде ҳәўесим келип, оларды алдым. Гүмисти ең астына салып, олардың ҳәммесин шатырымның ишине, жерге жасырдым.
22 Ешуа жиберген адамлар дәрҳал шатырға қарай жуўырып кетти. Олар сол жерге көмилген затларды тапты. Гүмис ең астына көмилген екен.
23 Олар бул нәрселердиң ҳәммесин шатырдан алды да, Ешуаға ҳәм Израил халқына әкелип берип, Жаратқан Ийениң алдына қойды.
24 Ешуа ҳәм пүткил Израил халқы Зерах улы Аханды, гүмисти, алтын қуйманы, шапанды, Аханның ул-қызларын, ири ҳәм майда малларын, ешеклерин, оның шатырын ҳәм шатырының ишиндеги барлық затларын Ахор ойпатлығына апарды.
25 Ешуа Аханға: – Сен неге бизлерди бул бәлеге жолықтырдың? Жаратқан Ийе бүгин өзиңди бәлеге жолықтырады, – деди. Соңынан пүткил Израил халқы Ахан менен оның хожалығындағыларды тас боран қылып өлтирди ҳәм оларды отқа жағып жиберди.
26 Кейин олар Аханның үстине үлкен тас үйиндисин үйди. Бул үйинди бүгин де бар. Солай етип, усы ўақыядан соң, Жаратқан Ийениң қәҳәри басылды. Сол жердиң бүгинги күнге дейин Ахор* ойпатлығы деп аталыўының мәниси усы.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16