Ешуа 6 bob

1 Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Мен Ерихо қаласын, оның патшасын ҳәм жаўынгерлерин саған тәслим қыламан.
2 Сен пүткил әскерлериң менен бирге алты күн даўамында қала дөгерегин күнине бир мәртебе айланып шығыўың керек.
3 Кәрнай көтерген жети руўханий сандықтың алдында жүрсин. Жетинши күни қаланың дөгерегин жети мәртебе айланыңлар ҳәм сонда руўханийлер кәрнайларын шертсин.
4 Руўханийлердиң кәрнайларды узақ созып шерткенин еситкениңизде, пүткил халық бәлент даўыс пенен бақырсын. Сонда қаланың дийўаллары қулап түседи ҳәм ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға киреди.
5 Нун улы Ешуа руўханийлерди шақырып алып, оларға: – Келисим сандығын көтериңлер. Жети руўханий қолларына кәрнайларды алып, Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди.
6 Соңынан халыққа: – Алға жүриңлер, қаланың дөгерегин айланыўды баслаңлар. Қураллы адамлар Жаратқан Ийениң сандығының алдында жүрсин, – деди.
7 Ешуа бул сөзлерди халыққа айтып болғаннан соң, кәрнайларды көтерген жети руўханий кәрнайларды шертип, Жаратқан Ийениң алдында алға жүре баслады. Олардың изинен Жаратқан Ийениң Келисим сандығы алып жүрилди.
8 Қуралланған адамлар кәрнай шерткен руўханийлердиң алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинен жүрип киятыр еди. Сол ўақытта кәрнайлар да үзликсиз шертилип турды.
9 Сонда Ешуа халыққа: – Бақырмаңлар, сеслериңизди шығармаңлар. Мен: «Бақырыңлар», – демегенимше, аўзыңыздан бирде бир сөз шықпасын. Буйрығымды еситкен ўақтыңызда, бақырыңлар, – деп буйырды.
10 Солай етип, олар Жаратқан Ийениң сандығын көтерип, қала әтирапын бир мәртебе айланды. Кейин ордаға келип, сол жерде түнеди.
11 Ертеңине азанда Ешуа ерте оянды ҳәм руўханийлер Жаратқан Ийениң сандығын көтерди.
12 Кәрнайларды көтерген жети руўханий Жаратқан Ийениң сандығының алдында кәрнайларды шертип жүрди. Қуралланған адамлар олардың алдында, ал артта киятырғанлар сандықтың изинде жүрди. Сол ўақытта кәрнайлар үзликсиз шертилип турды.
13 Солай етип, олар екинши күни де қала әтирапын бир мәртебе айланып, ордаға қайтып келди. Олар бул исти алты күн тәкирарлады.
14 Жетинши күни олар ерте, жаңа таң атқанда турып, қала әтирапын анық сол тәризде жети мәртебе айланып шықты. Олар тек сол күни ғана қала әтирапын жети мәртебе айланып шықты.
15 Руўханийлер жетинши айланбада кәрнайларын шерткенде, Ешуа халыққа былай деди: – Бақырыңлар! Жаратқан Ийе қаланы сизлерге берди!
16 Қала ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсе Жаратқан Ийеге бағышланып, жоқ қылынсын. Тек бизлер жиберген жансызларды жасырып қалған бузық ҳаял Рахаб ҳәм оның үйиндегилер ғана аман қалады.
17 Абайлаңлар, бағышланған нәрселерге қол тийгизбеңлер. Сол нәрселерди бағышлап болып, кейин олардан алсаңыз, сизлер Израилдың ордасын қырғынға ушыратып, бәлеге дуўшар қыласыз.
18 Пүткил гүмис, алтын, мыс ҳәм темир нәрселер Жаратқан Ийеге бағышланған болып, олар Жаратқан Ийениң қазнасына түседи.
19 Солай етип, руўханийлер кәрнайларын шертти. Халық бул даўысты еситиўден, қатты бақырысты ҳәм дийўаллар қулап түсти. Ҳәр бир адам турған жеринен туўры қалаға кирди ҳәм оны қолға киргизди.
20 Олар еркек ҳәм ҳаялларды, жас ҳәм ғаррыларды, ири ҳәм майда малларды, ешеклерди, қаладағы ҳәмме тири жанды қылыштан өткизип, қырып таслады.
21 Ешуа усы жерге жансыз болып келген еки адамға: – Сол бузық ҳаялдың үйине барыңлар. Ант ишкениңиздей, ҳаялды ҳәм оның пүткил жақынларын сыртқа алып шығыңлар, – деди.
22 Үйге кирген жас жансызлар Рахабты, оның ата-анасын, аға-инилерин, ағайинлерин ҳәм оның үйиндеги ҳәмме адамларды алып шығып, Израилдың ордасының жанына әкелди.
23 Соңынан олар қаланы ишиндегилери менен бирликте жағып жиберди. Тек гүмис, алтын, мыс ҳәм темир нәрселерди Жаратқан Ийениң Үйиниң қазнасына салды.
24 Ешуа бузық ҳаял Рахабты, оның әкесиниң үй-ишин ҳәм жақынларын тири қалдырды. Ешуаның Ерихоны көзден өткизип келиў ушын жиберген жансызларын жасырып қалған Рахаб бүгин де израиллылардың арасында жасамақта.
25 Буннан соң, Ешуа былай деп ғарғыс жәриялады: – Бул қаланы, яғный Ерихо қаласын қайтадан тиклеўге ҳәрекет еткен адам Жаратқан Ийениң ғарғысына ушырасын. Сол адам қаланың тийкарын өзиниң туңғыш улының үстине салады, ал қала дәрўазасын генже улының үстине қурады.
26 Жаратқан Ийе Ешуа менен бирге еди ҳәм Ешуаның даңқы елдиң ҳәмме жерине жайылды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16