Ешуа 5 bob

Гилгалдағы сүннет етилиў (2-12). Ерихо қаласының қулаўы (13-16).

1 Жаратқан Ийениң Иордан дәрьясының суўларын израиллылардың алдында, олар өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслағанын Иорданның батыс тәрепиндеги амор патшалары ҳәм Жер Орта теңизи жағасындағы кенаан патшалары еситкенде, руўхлары түсти. Израиллылардан қорққанынан, ҳеш кимде ҳал-дәрман қалмады.
2 Сол ўақытта Жаратқан Ийе Ешуаға: – Тастан пышақлар ислеп, израиллыларды бурынғыдай сүннет ет, – деди.
3 Солай етип, Ешуа тастан пышақлар ислеп, израиллыларды Аралот* төбешигинде сүннет етти.
4 Буны ислегениниң себеби мынаў еди: Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси, урысқа жарамлы болған барлық ер адамлар Мысырдан шыққаннан соң, шөлде жүргенде өлип кеткен еди.
5 Мысырдан шыққан барлық ер адамлар сүннет етилген еди. Бирақ Мысырдан шыққаннан кейин шөлде жүрген ўақытта туўылған ер адамлардың ҳеш бири сүннет етилмеген еди.
6 Мысырдан шыққанда урысқа жарамлы болғанлардың ҳәммеси өлип болғанша, израиллылар шөлде қырық жыл гезип жүрди. Себеби олар Жаратқан Ийениң сөзин тыңламаған еди. Жаратқан Ийе оларға: «Мен ата-бабаларыңызға ўәде етип, сизлерге беремен деген сүт ҳәм пал ағып турған жерди сизлер көрмейсизлер», – деп ант ишкен еди.
7 Жаратқан Ийе олардың орнына балаларына өмир берди. Сүннет етилмеген бул балаларды Ешуа сүннет етти. Өйткени олар жолда сүннет етилмеген еди.
8 Барлық ер адамлар сүннет етилгеннен соң, тәўир болғанша, ордадағы өз орынларында қалды.
9 Сонда Жаратқан Ийе Ешуаға: – Мысырда сизлерде болған масқарашылықты бүгин алып тасладым, – деди. Сонлықтан сол жер бүгин де Гилгал деп аталады.
10 Гилгалда Ерихо тегислигине орда қурған Израил халқы айдың он төртинши күни кеште Қутқарылыў байрамын байрамлады.
11 Бир күн даўам еткен байрамнан соң, олар елдиң зүрәәтинен ашытқысыз нан ҳәм қуўырмаш жеди.
12 Олар сол елдиң зүрәәтинен жей баслады ҳәм ертеңине маннаның жаўыўы пүткиллей тоқтады. Израиллылар сол жылы Кенаан елиниң зүрәәти менен азықланды.
13 Ешуа Ерихо қаласына жақын жерде болғанда, басын көтерип қарап, алдында қылыш услап турған бир адамды көрди. Ешуа оған жақынласып: – Сен бизлер тәрептиң адамымысаң ямаса душпан тәрептиң бе? – деп сорады+.Сол адам оған: – Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, Мен келдим, – деди. Сол ўақытта Ешуа ет-бетинен жерге жығылып, оған табынды да: – Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады.
14 Сол адам оған: – Ҳеш тәрептиң де емес. Мен Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасыман. Мине, Мен келдим, – деди. Сол ўақытта Ешуа ет-бетинен жерге жығылып, оған табынды да: – Мырзам, қулыңызға айтатуғын қандай сөзиңиз бар? – деп сорады.
15 Жаратқан Ийениң әскерлериниң сәркәрдасы Ешуаға: – Аяқ кийимиңди шеш. Өйткени сен турған жер – мухаддес, – деди. Ешуа айтылғанды орынлады.
16 Израиллылар себепли, Ерихо қаласының дәрўазалары тас қылып жабылған еди. Ол арқалы ҳеш ким кирмеди де, шықпады да.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16