Ешуа 4 bob

Естелик таслардың орнатылыўы (1-24).

1 Пүткил халық Иордан дәрьясынан өтип болғаннан соң, Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди:
2 – Халық ишинен он еки адамды, яғный ҳәр урыўдан бир адамнан сайлап алың да,
3 оларға былай деп буйырыңлар: «Бул жерден, Иордан дәрьясының ортасынан, анық руўханийлердиң аяқлары турған жерден он еки тас алыңлар. Бул тасларды өзлериңиз бенен бирге алып, түнейтуғын жериңизге апарып қойыңлар».
4 Солай етип, Ешуа Израилдың ҳәр бир урыўынан өзи сайлап алған он еки адамды шақырып алып,
5 оларға былай деп буйырды: – Дәрьяның ортасына, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сандығының алды бетине барып, Израил халқының урыў санына қарай ҳәр бириңиз ийниңизге бир тастан көтерип алыңлар.
6 Олар сизлер ушын белги болады. Балаларыңыз келешекте: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сорағанда,
7 оларға: «Иордан дәрьясының суўлары Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында ақпай қалды. Келисим сандығы дәрьядан өтип атырғанда, ағып турған суўлар тоқтап қалды. Бул таслар Израил халқы ушын сол ўақыядан мәңгиге естелик болады», – дейсизлер.
8 Израиллылар Ешуаның буйрығын орынлады. Жаратқан Ийениң Ешуаға айтқанындай, Израил урыўларының санына қарай Иордан дәрьясының ортасынан алынған он еки тасты олар өзлери түнеген жерге алып келип, сол жерге қойды.
9 Ешуа Иордан дәрьясының ортасына, Келисим сандығын көтерген руўханийлер турған жерге басқа он еки тас орнатты. Бул таслар бүгин де сол жерде тур.
10 Солай етип, Жаратқан Ийениң халыққа жеткизиў ушын Ешуаға буйырған ҳәр бир нәрсеси орынланыўға дейин, сандықты көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасында турды. Ҳәр бир нәрсе Муўсаның Ешуаға буйырғанындай етип исленди. Халық дәрьядан асығыслық пенен өтти.
11 Пүткил халық дәрьядан өткеннен кейин, Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер де халықтың көз алдында дәрьядан өтти.
12 Рубен ҳәм Гад урыўлары менен Менашше урыўының ярымы Муўсаның өзлерине буйырғаны сыяқлы қурал асынып, Израил халқының алдында дәрьядан кесип өтти.
13 Усы тәризде қырық мыңға шамалас қураллы адамлар урысыў ушын Жаратқан Ийениң алдында Ерихо тегислигине өтти.
14 Жаратқан Ийе сол күни Ешуаны пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қылды. Муўсаға өмири бойы қандай ҳүрмет көрсетилген болса, Ешуаға да сондай ҳүрмет көрсетиле баслады.
15 Жаратқан Ийе Ешуаға:
16 – Келисим сандығын көтерген руўханийлерге Иордан дәрьясынан шығыўды буйыр, – деди.
17 Ешуа руўханийлерге: – Иордан дәрьясынан шығыңлар, – деп буйырды.
18 Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясының ортасынан шығып, жағаға аяқ басыўдан-ақ, дәрьяның суўлары бурынғыдай жийеклеринен тасып аға баслады.
19 Халық биринши айдың оныншы күни Иордан дәрьясынан өтип, Гилгалға, Ерихоның шығыс шегарасына орналасты.
20 Ешуа Иорданнан алынған он еки тасты Гилгалға орнатты.
21 Соңынан ол Израил халқына былай деди: – Келешекте сизлердиң урпақларыңыз өз әкелеринен: «Бул таслар нени аңлатады?» – деп сораса,
22 оларға Израил халқының Иордан дәрьясының қурғап қалған ултаны арқалы өткенин айтың.
23 Қудайыңыз Жаратқан Ийе Қамыс теңизин бизлер өтип боламан дегенше, қалай қурғатып таслаған болса, Иордан дәрьясын да сизлер өтип боламан дегенше, солай қурғатып таслағанын түсиндириң.
24 Ол буларды жер жүзиндеги барлық халықлар Жаратқан Ийениң қаншелли қүдиретли екенин билиўи ушын ҳәм сизлер де бәрқулла Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыўыңыз ушын иследи.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16