Ешуа 3 bob

Израиллылардың Иордан дәрьясынан өтиўи (1-17).

1 Ешуа таң азаннан турды да, пүткил Израил халқы менен бирликте Шиттимнен жолға шығып, Иордан дәрьясына келди. Олар дәрьяны кесип өтпей, сол жерде түнеди.
2 Үшинши күнниң соңында орданы бастан-аяқ айланып шыққан қадағалаўшылар
3 халыққа былай деп буйырды: «Лебийли руўханийлер Қудай Ийеңиздиң Келисим сандығын көтерип баратырғанын көргениңизде, сизлер де орныңыздан қозғалып, сандықтың изине ериңлер.
4 Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратуғыныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер. Бирақ Келисим сандығына жақынласпаңлар. Сандық пенен сизлердиң араңызда еки мың шығанақ қашықлық болсын».
5 Ешуа халыққа: – Өзлериңизди пәклеңлер. Өйткени Жаратқан Ийе ертең араңызда әжайып ислер ислейди, – деди.
6 Ал руўханийлерге: – Келисим сандығын көтерип, халықтың алдында жүриңлер, – деди. Солай етип, руўханийлер сандықты көтерип, халықтың алдында жүрип кетти.
7 Сол арада Жаратқан Ийе Ешуаға былай деди: – Мен Муўса менен бирге болғаным сыяқлы, сениң менен де бирге екенимди олар түсиниўи ушын, бүгиннен баслап сени пүткил Израил халқының көз алдында мәртебели қыламан.
8 Сен Келисим сандығын көтерген руўханийлерге: „Иордан дәрьясының жағасына барғаныңызда, суўға аяқ басып, тоқтап турыңлар“, – деп буйрық бер.
9 Ешуа Израил халқына: «Жақынырақ келип, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңлаңлар», – деп болып, сөзин былай даўам етти:
10 «Тири Қудайдың араңызда екенин, Оның кенаан, хетт, хиў, периз, гиргаш, амор ҳәм ебус халықларын алдыңыздан сөзсиз қуўып жиберетуғынын мынадан билип аласызлар:
11 мине, пүткил жер жүзи Ийесиниң Келисим сандығы сизлерден алдын Иордан дәрьясынан өтеди.
12 Енди өзлериңизге ҳәр бир урыўдан бир адамнан, яғный Израил урыўларынан он еки адамды сайлап алыңлар.
13 Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийениң сандығын көтерген руўханийлер Иордан дәрьясына аяқ басқанда, жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, бир жерге топланады».
14 Халық Иордан дәрьясынан өтиў ушын түнеген жеринен жолға шықты. Келисим сандығын көтерген руўханийлер алдында жүрип баратыр еди.
15 Иордан дәрьясы жыйын-терим ўақтында тасып, кәнарынан шығып кететуғын еди. Сонда сандықты көтерген руўханийлер дәрьяның жағасына барып, суўға аяқларын тийгизиўден-ақ,
16 жоқарыдан аққан суўлар тоқтап, жүдә узақларда, Саретанға жақын болған Адам қаласында топланып, жоқарылай баслады. Ал Иордан тегислигиндеги теңизге, яғный Өли теңизге аққан дәрьяның қалған суўлары болса, пүткиллей тоқтап қалды. Халық дәрьяны Ерихоның қарсы алдынан кесип өтти.
17 Пүткил халық дәрьядан өтип болғанша, Жаратқан Ийениң Келисим сандығын көтерген руўханийлер дәрьяның қурғап қалған ултанының ортасында қозғалмай турды. Солай етип, пүткил Израил халқы дәрьяның қурғап қалған ултаны арқалы өтти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16