Ешуа 23 bob

Ешуаның хошласыў сөзлери (1-16).

1 Жаратқан Ийе Израилды әтирапындағы барлық душпанларынан қутқарып тынышлыққа еристиргеннен соң, көп жыллар өтти. Ешуа болса қартайып, бираз жасқа барып қалған еди.
2 Сонда ол пүткил Израил халқын, олардың ақсақалларын, тийре басшыларын, қазыларын ҳәм қадағалаўшыларын шақырып алып, оларға былай деди: – Мен қартайып, бираз жасқа барып қалдым.
3 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлер ушын бул барлық халықларға нелер ислегенин көрдиңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи сизлер ушын урысты.
4 Минекей, мен Иордан дәрьясынан баслап, күн батар тәрептеги Жер Орта теңизине дейин жасаған барлық халықларды жоқ етип, олардың жерлерин де, еле жоқ қылынбаған халықлардың жерлерин де шек бойынша сизлердиң урыўларыңызға бөлип бердим.
5 Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды қуўып шығарып, алдыңыздан шегиндиреди ҳәм Өзи сизлерге ўәде еткениндей, сизлер олардың жерлерин ийелейсизлер.
6 Сонлықтан сизлер Муўсаның Нызам китабында жазылған ҳәр бир нәрсени орынлаў ушын жүдә күшли болыңлар. Жазылғанлардан я оңға, я солға аўып кетпеңлер.
7 Араңызда қалған халықлар менен ҳеш қандай қарым-қатнас жасамаңлар. Олардың қудайларының атларын тилге алмаңлар ҳәм олардың атлары менен ант ишпеңлер. Сол қудайларға хызмет етпеңлер ҳәм табынбаңлар.
8 Бүгинги күнге дейин ислеп келгениңиздей, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге садық қалыңлар.
9 Себеби Жаратқан Ийе уллы ҳәм күшли халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарды. Бүгинги күнге дейин ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмады.
10 Сизлердиң араңыздағы биреўиңиз мың адамды қуўып шығарады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң ўәде еткениндей, Оның Өзи сизлер ушын урысады.
11 Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиўде жүдә муқыятлы болыңлар.
12 Ал егер сизлер Оннан жүз бурып, араңыздағы қалған сол халықлар менен аралассаңыз, олар менен қыз алысып, қыз берисетуғын болсаңыз, қарым-қатнас жасасаңыз,
13 онда билип қойыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды енди алдыңыздан қуўып шығармайды. Оның сизлерге берген усы жақсы жеринен жоқ болынғаныңызша, бул халықлар сизлер ушын дузақ, қақпан, арқаңызға қамшы ҳәм көзлериңизге тикен болады.
14 Минекей, мениң де бул дүньядан өтетуғын ўақтым келди. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген ҳеш бир жақсы ўәделериниң босқа шықпағанын сизлер пүткил жүрегиңиз ҳәм пүткил кеўлиңиз бенен билесизлер. Олардың ҳәммеси орынланды, ҳеш бири орынланбай қалмады.
15 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәделериниң ҳәммесин қалай орынлаған болса, Ол Өзи берген усы жақсы жерден сизлерди жоқ етпегенше, айтқан барлық жаманлықларын да солай басыңызға салады.
16 Егер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге орынлаң деп буйырған келисимин бузсаңыз ҳәм барып, басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, Жаратқан Ийениң сизлерге ғәзеби тутанады. Сонда сизлер Ол берген бул жақсы жерден тез арада қырылып кетесизлер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16