Ефеслилер 6 bob

Ата-ана ҳәм балалар арасындағы қатнасықлар ҳаққында (1-4), Хожайынлар ҳәм қуллар ҳаққында (5-9), Шайтанға қарсы руўхый урыс (10-20), Соңғы сәлемнама (21-24).

1 Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады.
2 «Атаанаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген баслы буйрық.
3 Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады» .
4 Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.
5 Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масихтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар.
6 Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масихтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар.
7 Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер.
8 Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер.
9 Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби аспанда олар менен сизлердиң Ийеңиз бар екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.
10 Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар.
11 Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўытқуралларын тағыныңлар.
12 Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы.
13 Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-қуралларын тағып алыңлар.
14 Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер.
15 Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер.
16 Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар.
17 Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
18 Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил исениўшилер ушын табан тиреп сораңлар.
19 Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын.
20 Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер.
21 Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин билдиреди.
22 Мине, усы мақсетте оны сизлерге жиберип атырман. Ол бизлердиң аўҳалымызды билдирип, кеўиллериңизди жигерлендиреди.
23 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин.
24 Ийемиз Ийса Масихты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16