Ефеслилер 5 bob

Нурға тийисли адамларға сай жасаңлар! (1-20), Ерли-зайыплылар арасындағы қатнасық ҳаққында (21-33).

1 Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер!
2 Масих бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.
3 Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул исениўшилерге минәсип емес.
4 Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер.
5 Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масихтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
6 Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди.
7 Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.
8 Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар.
9 Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат.
10 Қудайға нениң унайтуғынын айырып билиңлер.
11 Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер.
12 Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят.
13 Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди.
14 Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳәй уйқыда жатқан, Өлилер ишинен тирил! Масих саған нур шашар».
15 Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар.
16 Жақсылық ислеўге ҳәр бир мүмкиншиликтен пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы.
17 Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер.
18 Арақшарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар.
19 Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм Мухаддес Руўхтың илҳамы менен жазылған қосықлардағы сөзлерди бирбириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен жүрегиңизде алғыслаңлар.
20 Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.
21 Масихқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.
22 Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
23 Себеби Масих исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масих Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы.
24 Исениўшилер жәмәәти Масихқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын.
25 Ҳәй күйеўлер, Масих исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
26 Масих исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти.
27 Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи.
28 Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады.
29 Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масих исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оны күтеди.
30 Өйткени бизлер Масихтың денесиниң мүшелеримиз.
31 «Сонлықтан ер адам атаанасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады» .
32 Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман.
33 Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16