Ефеслилер 4 bob
1 Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар.
2 Толық кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар.
3 Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар.
4 Қудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳәммемиз бир денемиз ҳәм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз.
5 Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рәсимимиз бир.
6 Қудай да бир. Ол ҳәммениң үстинен ҳүкимдар, ҳәмме арқалы ҳәрекет етиўши, ҳәммемизде бар болған, ҳәммемиздиң Әкемиз.
7 Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масихтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди.
8 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып, Тутқынларды тутқын етти. Адамларға сыйлар берди» .
9 Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сөзлер нени аңлатады? Масих бурын төменге, жерге түсти дегенди аңлатады.
10 Түскен Адам да, ҳәр бир нәрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – биреў.
11 Масих гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды.
12 Ол буны исениўшилерди таярлап, олардың хызмет қылыўы ҳәм Өзиниң денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи.
13 Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масихтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз.
14 Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлийматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық.
15 Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масихқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық.
16 Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳәр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бирбирине жәрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады.
17 Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар.
18 Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған.
19 Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳәр түрли ҳарамылықты нәпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген.
20 Бирақ сизлер Масихты бундай қылып танымағансыз.
21 Әлбетте, сизлер Ийса Масих ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер.
22 Сол себептен бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қәлеўлери себепли шириген ески тәбиятыңыздан ўаз кешиңлер.
23 Ойпикирлериңизди ҳәм руўхыңызды жаңалап,
24 шын ҳақлық ҳәм мухаддеслик пенен, Қудайға уқсатылып жаратылған жаңа адам болыңлар.
25 Сонлықтан өтириктен ўаз кешип, ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз.
26 Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар.
27 Шайтанға жол бермеңлер.
28 Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин.
29 Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың.
30 Қудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Қутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мөрленгенсизлер.
31 Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден узақ болсын.
32 Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масих арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.